Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Қазақстанға келди

166

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола Астана қаласына келди.

Пайтахт аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Республикасының Бас министри Олжас Бектенов ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан жетекшиси 22-апрель күни Регионаллық экологиялық саммит ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасады.

ӨзА