«Арал» жетекшилер қатарында келмекте

20-21-апрель күнлери футбол бойынша Өзбекстан Про-лигасында 4-тур ойынлары болып өтти.
Бул турда Нөкистиң «Арал» командасы мийманда Самарқанд ўәлаятының «Каттақўрғон» клубы менен өз-ара ушырасты ҳәм ойынның 12-минутында командамыз ҳүжимшиси Руслан Қалмағамбетов қарсылас дәрўазаны анық нышанға алып, есапты ашыўға еристи.
Бирақ, командамызға бул есапты услап турыўдың имканияты болмады ҳәм ушырасыўдың 90—минутында «Каттақўрғон» клубы ағзасы Франсис Нарх ойындағы есапты теңлестириўге миясар болды.
Ал, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Жайҳун» клубы болса бул турда Ферғана ўәлаятына сапар етип, онда «Яйпан» командасына 2:0 есабында жеңилип қалды.
Солай етип өткен 4-тур ойынларынан соң республикамыздың бас командасы «Арал» 10 упай топлап, турнир кестесинде Бекабадтың «Металлург» клубынан соң екинши орынды ийелеп келмекте. «Жайҳун» клубы есабында болса, ҳәзирши улыўма упай жоқ ҳәм ол турнир кестесиниң ең соңғы орнын ийелеп тур.
25-26-апрель күнлери чемпионатта 5-тур ойынлары өткериледи ҳәм онда «Жайҳун» «Қизириқ», «Арал» чемпионатта 8 упай менен 4-орынды ийелеп киятырған «ФарДУ» клубын өз майданында қабыллайды.
Командаларымызға әўмет яр болыўын тилеймиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы