“Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги” ойынларына старт берилди

Нөкис районында киши футбол бойынша “Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги” ушын районлық басқышының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Ашылыў салтанатына район ҳәкими З.Зайтов, район прокуроры П.Халмуратов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими баслығы ҳәм тараў басшылары қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар қатарында спортты раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар ҳаққында тоқталып, жас спортшыларға кубок ойынларында әўметлер тиледи.
Футбол жарысларының ашылыў салтанатында мәденият бөлими хызметкерлериниң концерт бағдарламасы жыйналғанлардың нәзерине усынылды.
Буннан соң 26 команда 4 топарға бөлинип, дәслепки ушырасыўларға старт берилди.

Футбол жарысларының районлық басқышы апрель-май айлары даўамында өткерилип, жеңимпаз командалар кейинги басқышқа жоллама алады. Жарыстың районлық басқышына 500 ден аслам мәҳәлле жасларының қамтып алыныўы режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги