Жер ресурсларынан пайдаланыўда жаңаша қатнаслар көрип шығылды

136

Президент Шавкат Мирзиёев жер ресурсларынан және де нәтийжели пайдаланыўға қаратылған усыныслардың презентациясы менен танысты.

Соңғы бес жылда мәмлекетимизде жер қатнасықларын реформалаў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, жер ажыратыў ўәкиллиги ҳәкимлерден алынып, жер участкаларын аукцион арқалы сатыў тәртиби енгизилди. Усы дәўирде 616,3 мың гектар жер аукцион арқалы ажыратылды, бюджетке 1,4 триллион сум түсим тәмийинленди.

Ең әҳмийетлиси, жердиң ҳақыйқый ийеси пайда болыўы нәтийжесинде ҳәр бир гектардан алынатуғын дәрамат 3 есеге артып, 50-60 миллион сумға жеткен. Бүгинги күнде бул жерлерде ҳәр жылы 539 триллион сумлық өним жетистирилип, 2,1 миллиард долларлық экспорт әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, тараўда шешилиўи керек болған бир қатар мәселелер де бар екенлиги көрсетип өтилди.

Соның ишинде, жерлер аукцион арқалы ажыратылып атырған болса да, ижарашылардың оннан пайдаланыўдағы еркинлиги еле жетерли емес. Сол себепли 117,6 мың гектар жер ҳәзирге шекем сатылмастан тур.

Соның ушын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериўдиң жаңа системасын енгизиў, усы жылы және 100 мың гектар жерди жаңа тәртип тийкарында аукционға шығарыў режелестирилген. Бул бағдарда, әсиресе, жерден пайдаланыўда экономикалық стимулларды күшейтиўге айрықша итибар қаратылады.

Өткен жылы ойпатлық ўәлаятлары, Жиззақ, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстанда сатылған жерлерде егинлерди еркин жайластырыў бойынша енгизилген тәжирийбе жақсы нәтийже бергени атап өтилди. Атап айтқанда, 2025-жылы 20 мың гектар жердиң 16 мың гектарында исбилерменлер өзлери таңлаған жоқары дәраматлы ҳәм экспортқа қолайлы егинлерди егип, 150 миллион долларлық экспорт ушын тийкар жаратқан. Енди бул тәжирийбени кеңейтиў, жерден пайдаланыўшыларға және де көбирек экономикалық еркинлик бериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Санаатласқан плантация ҳәм шарўашылық жойбарлары ушын 50 гектардан 500 гектарға шекемги жер участкаларын аукционға шығарыў, сол тийкарда усы жылдың өзинде ҳәр бир ўәлаятта кеминде бесеўден ири жойбарларды баслаў белгиленди. Бул жойбарлар ушын суў ҳәм электр тәмийнаты қәрежетлерин қаплап бериў, 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекем арзан кредитлер ажыратыў, кредит процент ставкаларын компенсациялап бериў, жетистирилген өнимди қадақлаў қәрежетлериниң 50 процентине шекемги бөлегин субсидиялаў сыяқлы бир қатар қаржылай қоллап-қуўатлаў енгизилетуғыны атап өтилди.

Презентацияда жерден жоқары дәрамат алыўда алдынғы сырт ел тәжирийбесин, әсиресе, сырт елдиң заманагөй агротехнологияларын кеңнен қолланыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Соның менен бирге, бул процессте миллий мәплерди қорғаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, сырт ел инвесторларына аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди ижараға бериў тәртиби ҳәм шәртлери қайта көрип шығылады. Буннан былай оларға тек ғана ўәлаят ҳәкимликлери жанындағы дирекциялар арқалы, инвестиция муғдары кеминде 10 миллион доллар болған жойбарлар шеңберинде, жайлаў, суўғарылмайтуғын ҳәм пайдаланыўдан шыққан жерлерди айланысқа қайтарыў шәрти менен екилемши ижараға бериў тәртиби қолланылады. Сондай-ақ, аўыл хожалығы жерлерин алыў бойынша аукционда тек ғана жергиликли дийқан ҳәм исбилерменлер қатнасыўын белгилеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Қорғаныў, шегара, тарийхый-мәдений жерлер ҳәм тоғай фонды жерлери тек ғана мәмлекетимиз пуқараларына бериледи. Ҳәзирги ўақытта жерлерди ижараға бериў мүддетин барлық түрдеги жерлер ушын, соның ишинде, санаат ҳәм қурылыс жойбарларын әмелге асыратуғын сырт елли инвесторлар ушын да 49 жыл етип белгилеў усыныс етилди.

Бүгинги күнде дерлик 100 мың гектарға шамалас жердиң ижара мүддети тамамланған. Усы мүнәсибет пенен исбилерменлер бул жерлерди қайта аукционға шығармай, ижара мүддетин созыў бойынша қолайлы ҳәм ашық-айдын тәртип енгизиў зәрүрлигин билдирмекте. Презентацияда бул процессти мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм электрон платформалар арқалы әмелге асырыў, кадастр, аўыл хожалығы ҳәм әдиллик системаларын өз-ара интеграциялаў, наразылықлар болмаған жағдайда аўыл хожалығы жерлери ушын 30 жылға шекем, аўыллық емес жерлер ушын 49 жылға шекем создырыў тәртибин енгизиў усыныс етилди. Салық ямаса ижара төлеминен қарыздарлық, суд тартысы ямаса нызамсыз қурылыс анықланған жағдайларда ғана ижара шәртнамасы жаңа мүддетке создырылмайтуғыны белгиленбекте.

Сондай-ақ, жердиң категориясын өзгертиў ҳәм зыян төлемлерин есаплаўға байланыслы процесслер елеге шекем қағаз түринде жүргизилип атырғаны сынға алынды. Бул болса келисим ҳәм қарар қабыл етиў мүддетиниң созылыўына, инвесторлардың наразылығына себеп болмақта. Сонлықтан барлық процесслерди санластырыў, жерден мақсетли пайдаланыў, суў нәтийжелилиги ҳәм топырақ сапасы сыяқлы нормалар тийкарында жерден пайдаланыў нәтийжелилигин баҳалаў системасын жолға қойыў ўазыйпасы қойылды.

Жерге болған ижара ҳуқықын финанслық қурал сыпатында кеңейтиў, оны тек ғана коммерциялық кредитлер емес, ал лизинг, ипотека ҳәм банк кепиллигин алыў ушын да гиреўге қойыў имканиятын жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жер участкасын бос турған жер сыпатында есапқа алыў тәртибин әпиўайыластырыў, жерлерди қайта ижараға бериўде шәртнамаларды ҳақы төлеп ямаса бийпул дүзиў мүмкин екенлигин анық белгилеў, усы тийкарда жер алды-сатты менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жынайый жуўапкершилик илажларын қайта көрип шығыў усыныс етилди.

Соның менен бирге, жер қадағалаўы бағдарында жуўапкершиликти күшейтиў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп алғаны ушын жуўапкершиликти тек ғана суўғарылатуғын жерлер ушын емес, ал қалған барлық түрдеги жер участкаларына да енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Темир жоллар, автомобиль жоллары, аэропортлар, аэродромлар, аэронавигация объектлери, суў қурылмалары ҳәм тармақларын қурыў мақсетлеринде жерлердиң категориясы өзгертилгенде зыян төлеминен азат етиў, жер жәмийетлик мүтәжликлер ушын алып қойылғанда төленетуғын компенсация төлемлерин салыққа тартпаў бойынша усыныслар билдирилди.

Келешекте аўыл хожалығы жерлериниң ижарашыларына аймақлардағы 13 дирекция арқалы, аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерде инвестициялық жойбарларды әмелге асырып атырған исбилерменлерге болса 14 инвестициялық компаниялар арқалы хызмет көрсетилетуғыны, бул шөлкемлер өз бағдарларында мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилерменлер арасында “көпир” ўазыйпасын атқаратуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы жер реформаларын жаңа басқышқа алып шығыў, жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, исбилерменлер ушын және де ашық-айдын ҳәм түсиникли система жаратыў, сондай-ақ, тараўда санластырыўды жеделлестириў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.

ӨзА