Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезексиз XVIII сессиясы ҳаққында мәлимлеме

21-апрель күни Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезексиз XVIII сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Шымбай районы ҳәкими лаўазымына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жергиликли санаатты раўажландырыў мәселелери бойынша жәрдемшиси лаўазымында ислеп келген Насыр Ещановтың кандидатурасын илгери сүрди.



Даўыс бериў нәтийжелери бойынша Н.Ещанов Шымбай районы ҳәкими етип тастыйықланды.
Сессия даўамында районлық Кеңес депутатлары ҳәм белсендилери шығып сөйлеп,районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алда турған ўазыйпалар бойынша өз пикирлерин билдирди.
Усының менен Шымбай районлық Кеңесиниң гезексиз XVIII сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги