Өзбекстан Президенти Россия Делегациясын қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы күнлери Ташкент қаласында өтип атырған “ИННОПРОМ. Орайлық Азия” халықаралық санаат көргизбесинде Россия делегациясына басшылық етип атырған Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының биринши орынбасары Денис Мантуровты қабыллады.
Ушырасыўда Татарстан, Башқыртстан Республикалары, Ленинград, Киров, Иркутск ҳәм Омск ўәлаятлары, сондай-ақ, Россияның бир қатар жетекши компанияларының басшылары да қатнасты.


Сөйлесиў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз жетекшисине Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан Президенти 35 мәмлекеттен 10 мыңнан аслам бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында алтыншы “ИННОПРОМ” көргизбеси табыслы шөлкемлестирилгенин ҳәм өткерилип атырғанын қоллап-қуўатлады.


Жоқары дәрежеде, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Саўда көлеми турақлы өсип атырғаны, санаат, тыныш атом, энергетика, транспорт, металлургия, химия ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарлар табыслы әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.


Товар алмасыў пәтин сақлап қалыў ҳәм тийкарғы тармақларда, соның ишинде, санаат зоналары шеңберинде кооперация жойбарларын жеделлестириў бойынша өз-ара муўапықластырылған илажларды қабыл етиў, аймақлар ҳәм исбилерменлер дәрежесинде жедел байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Аўыл хожалығы машина қурылысы, энергия нәтийжелилиги, суў хожалығы, киберқәўипсизлик ҳәм жасалма интеллект сыяқлы перспективалы бағдарлардағы режелер қоллап-қуўатланды.


Техника бағдарындағы биргеликтеги жоқары оқыў орынлары негизинде экономиканың әҳмийетли тармақлары ушын инженер кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, ушырасыўда Россия аймақлары ҳәм компанияларының басшылары мәмлекетимиз жетекшисине ҳәр қыйлы тармақларда жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық режелерин усынды.

ӨзА