“Жәмийетлик саламатлықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде трансмиллий наркоқәўиплерге қарсы гүресиў” темасындағы халықаралық форум қатнасыўшыларына

69

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Ҳүрметли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Сизлерди Жәмийетлик саламатлықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде трансмиллий наркоқәўиплерге қарсы гүресиў форумында қызғын қутлықлаўдан қуўанышлыман.

Әййемги ҳәм нәўқыран Самарқанд қаласына хош келипсиз!

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги әнжуманда қатнасып атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Наркотиклер ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасы атқарыўшы директорының орынбасары – Бо Матиасен мырзаға, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Бас директоры – Тедрос Адханом Гебреисус мырзаға, Халықаралық наркотиклерди қадағалаў комитетиниң Бас хаткери – Стефано Бертераме мырзаға, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшыларына, сырт ел ҳүкиметлериниң ағзаларына, сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине, сондай-ақ, барлық мийманларымызға өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен.

Қәдирли илаж қатнасыўшылары!

Бүгинги қәўетерли заманда дүнья жәмийетшилигиниң және де исенимли түрде биргеликте ҳәрекет етиўи ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып бармақта.

Күн сайын шөлкемлескен жынаятшылық, нәшебентлик затларды ислеп шығарыў ҳәм тарқатыўдың жаңа түрлери пайда болып атырғаны – инсаният ушын трансмиллий қәўиплердиң көлемин кеңейтпекте.

Бул процесслер тек ғана мәмлекетлердиң қәўипсизлигине емес, ал, ең қымбатлы болған – инсан өмири ҳәм саламатлығы, адамлардың келешегине унамсыз тәсир көрсетпей қалмайды.

Бүгин наркотиклер саўдасы трансшегаралық ҳәм виртуал характерге ийе болып атырғаны – қәўип-қәтерлерди және де күшейтпекте. Әсиресе, жынайый топарлардың шифрланған байланыс каналлары, контактсыз байланыс ҳәм қурамалы финанслық қураллардан пайдаланып атырғаны – наркотиклерге қарсы гүресиўде бизден заманагөй шешим ҳәм қатнасларды талап етпекте.

Бүгин халық, әсиресе, жаслар арасында жаңа синтетикалық наркотиклер, психотроп ҳәм күшли тәсир ететуғын элементлер кеңнен тарқалып атырғаны да бәршемизди терең тәшўишке салыўы тәбийий.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, дүньяда 300 миллионнан аслам адам нәшебентлик затлар тәсирине түсип қалған.

Ҳәр жылы 600 мыңға шамалас инсан усы иллеттиң қурбанына айланбақта.

Бүгинги глобалласыў шараятында бундай қәўип-қәтер барлық мәмлекетлер қатарында Өзбекстанды да шетлеп өтип атырған жоқ.

Соның ушын, Өзбекстанда нәшебентлик ҳәм наркожынаятларға қарсы гүресиў мәселесин улыўмамиллий ҳәрекетке айландырып, барлық күш ҳәм қуралларды жумсамақтамыз.

Соңғы жыллары тараўда уйымлараралық бирге ислесиўди беккемлеў, профилактика механизмлерин раўажландырыўға қаратылған 20 дан аслам нызам ҳүжжетлери қабыл етилди.

Әсиресе, 2024-жылы наркотиклерге қарсы гүресиў бойынша миллий стратегия қабыл етилгени, бул бағдардағы ең үлкен қәдем болды.

Усындай ис-ҳәрекетлеримиздиң есабынан соңғы жылларда наркотиклердиң нызамсыз айланысы менен байланыслы жынаятларды анықлаў көрсеткиши 2,5 есеге артты, конфискация етилген нәшебентлик қураллары 2 есеге, жоқ етилген синтетикалық наркотиклер 7 есеге көбейди.

Тек ғана өткен жылдың өзинде ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен 15 мыңнан аслам наркожынаят ашылды, дерлик 3,5 тонна нәшебентлик қураллары, соның ишинде, 120 килограмм синтетикалық наркотиклер жоқ етилди, 14 жасырын нарколаборатория ҳәм 72 ири интернет-дүкәнының жумысына шек қойылды.

Соның менен бирге, бундай жынаятлардың үштен бир бөлеги жаслар тәрепинен исленип атырғаны, тийкарғы қәўип топарын 15 жастан 30 жасқа шекемги адамлар қурап атырғаны, бул иллеттиң халықтың генофондына қаншелли үлкен қәўип екенин көрсетип турғанын айтыў керек.

Халқымызда “бир бала жолдан шықса – жәмийет изден шығады”,  деген ҳикметли сөз бар. Усы мәнисте, бир баланың нәшебентлик дузағына түсип қалыўы, бул тек ғана оның шаңарағы, жақынлары емес, ал пүткил бир мәҳәлле ушын апатшылық болып есапланады.

Соның ушын, Өзбекстанда буның ақыбетлери менен гүресиў менен ғана қалмастан, жасларымыздың нәшебентлик тәсирине түсип қалыўының алдын алыў бойынша үлкен үгит-нәсиятлаў кампаниясын баслағанбыз.

Бул жумысларда ветеранларымыз, нураный ата ҳәм аналарымыз, мәҳәлледе абырай-мәртебеге ийе болған белсендилер, жәмийетшилик ўәкиллериниң аяқ қосып атырғаны өзиниң нәтийжесин бермекте.

Биз буны избе-из даўам еттирип, шаңарақ, мәҳәлле, мектеп, техникум, жоқары оқыў орынларының орнын ҳәм ролин және де күшейтиў бойынша айрықша бағдарламаларды әмелге асырып атырмыз.

Тийкарғы нийетимиз – жасларымызды бундай қәўиплерден сақлаў, оларды илим, билим ҳәм ийгиликли мақсетке бағдарлаў болып табылады.

Жақында шөлкемлестирилген “Анти-Нарко” волонтёрлық ҳәрекети қысқа ўақыт ишинде 17 мыңнан аслам жасларды бирлестирди. Барлық аймақларда жасалма интеллект жәрдеминде наркотиклер тарқалыўының алдын алыўға қаратылған “AI Hackathon”  миллий жойбарын басладық.

Әлбетте, бул жумысларымыз жасларда нәшебентлик затларды пайдаланыўға қарсы беккем иммунитет, наркожынаятларға маўасасыз орталық жаратыўға хызмет етеди.

Өткен жылы елимиз Азия мәмлекетлери арасында бириншилер қатарында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Наркотиклер ҳәм жынаятшылық бойынша “CHAMPS” басқармасының  басламасына қосылды. Бул бағдарлама жас өспиримлер арасында саламат турмыс тәризин ғалаба ен жайдырыў ҳәм наркотиклерге қарсы және де нәтийжели гүресиўде үлкен жәрдем бермекте.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Нәшебентликке қарсы гүрес тек ғана бир мәмлекеттиң емес, ал пүткил инсанияттың улыўма жуўапкершилиги ҳәм миннетлемеси болып есапланады.

Өзбекстан наркотиклерге қарсы гүресиў бағдарында 50 ден аслам мәмлекет ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлер менен тығыз бирге ислесип келмекте.

Биз бул байланысларды регионаллық ҳәм халықаралық қәўипсизликти тәмийинлеў және халықлар арасындағы исенимди буннан былай да беккемлеўге қаратылған әҳмийетли көпир деп билемиз.

Ҳәзирги күнде, наркотиклер саўдасы заманагөй технологиялар, нызамсыз финанслық ағымлар, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық тармақлары менен терең байланысып кеткенин және бир мәрте атап өтпекшимен.

Бул қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, наркожынаятлардың алдын алыў бойынша төмендеги басламаларды алға қоямыз.

Бириншиден, трансмиллий наркожынаятларға қарсы гүресиўде жедел мәлимлеме алмасыў шешиўши әҳмийетке ийе.

Сол себепли, барлық қатнасыўшы мәмлекетлер ҳуқық қорғаў уйымларының мағлыўматлар базасын бирлестиретуғын, жасалма интеллект жәрдеминде ислейтуғын бирден-бир санлы платформаны иске қосыўды усыныс етемиз.

Бул платформа нарко-траффик бағдарларын ерте анықлаў, қәўипли жүклер ҳәрекетин ерте басқышта ашыў, трансмиллий жынайый топарлардың жумысын реал ўақыт режиминде бақлап барыўға хызмет етиўи керек.

Екиншиден, нарко-бизнес бул тек ғана нәшебентлик затлардың айланысы емес, бул – миллиардлап долларлық жасырын экономика, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм терроризмди қаржыландырыў дереги де болып есапланады.

Жынайый қаржыларды жуўыўдың ең үлкен бөлеги бүгин әйне санлы активлер ҳәм оффшор аймақлар арқалы әмелге асырылмақта.

Нарко-бизнести қурал менен емес, пулсыз қалдырыў арқалы жеңиў мүмкин. Егер биз оның “финанслық артерияларын” буўып тасласақ, бул иллет өз-өзинен жоғалады.

Соның ушын крипто-биржалар ушын мәжбүрий идентификация стандартларын глобаллық дәрежеде бирлестириў, оффшор юрисдикциялар менен мағлыўмат алмасыў бойынша мәжбүрий келисимлер, “белгисиз дерек” қаржыларын автоматикалық блоклаў механизмлерин енгизиў зәрүр.

Сондай-ақ, нызамсыз қаржылар ҳәрекетин дүнья бойлап автоматикалық түрде анықлайтуғын, оны қабыл еткен банк ямаса финанслық шөлкемди дәрҳал қәўип категориясына киргизетуғын “халықаралық санлы қара код” системасын енгизиўди усыныс етемен.

Үшиншиден, көрип турсызлар, күннен-күнге синтетикалық наркотиклердиң жаңадан-жаңа түрлери пайда болмақта.

Сол себепли, турақлы қарым-қатнас майданын иске қосып, синтетикалық наркотиклерге руқсат еткен наўқасларды нәтийжели емлеў бойынша заманагөй методика ҳәм стандартларды биргеликте жаратып барыўды усыныс етемиз.

Төртиншиден, нәшебентликке шалынғанлардың медициналық реабилитациясы бойынша тәжирийбе алмасыў мақсетинде Орайлық Азия Наркологлар ассоциациясын шөлкемлестирсек, сизлер қоллап-қуўатлайсыз, деп ойлайман.

Бул шөлкемниң Бас офисин Самарқанд қаласында жайластырыўға таярмыз.

Бесиншиден, бүгин айырым аймақларда наркотик жетистириў ҳәм тарқатыў экономикалық имканиятлар шекленгени, жумыс орынларының жетиспеўшилиги ҳәм социаллық теңсизлик ақыбетинде сақланып қалмақта.

Сол себепли, нарко-трафик қәўпи жоқары болған аймақлар ушын “арнаўлы раўажланыў бағдарламасы”н ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Бунда нәшебентлик затлар жетистириўге бейим аймақлардағы рәсмий экономикаға жедел инвестициялар киргизиў арқалы халық ушын турақлы дәрамат дереклерин жаратыў, инфраструктураны жақсылаў, билимлендириў ҳәм медицинаны раўажландырыў арқалы халықтың жынайый экономикаға ғәрезлилигин азайтыў бойынша комплексли илажлар ислеп шығыў мақсетке муўапық.

Бундай бағдарлама тек ғана грант ямаса жәрдем емес, ал халықаралық жәмийетшиликтиң улыўма жуўапкершилиги сыпатында көрилиўи керек.

Ҳүрметли дослар!

Бүгинги илажымызда бирге ислесиўши мәмлекетлер ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлерден 500 ге шамалас қатнасыўшы қатнаспақта.

Бул әнжуманда алға қойылатуғын усыныс ҳәм басламалар адамзатқа, миллетлердиң генофондына қәўип салып атырған наркотиклер машқаласына қарсы бирлесиў жолында жаңа қәдем болады.

Бул бағдарда Өзбекстанның позициясы қатаң: биз бул қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде ҳеш қашан иркилмеймиз, шегинбеймиз, артқа қайтпаймыз!

Биз барлық шериклеримизди бул глобаллық қәўипке қарсы әмелий ҳәрекетке шақырамыз!

Форумда қабыл етилетуғын Самарқанд декларациясы халықларымыздың қәўипсизлиги, денсаўлығы ҳәм абаданлығын беккемлеўге хызмет ететуғынына ҳәм бул әҳмийетли бағдарда халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да күшейтетуғынына исенемен.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, жуўапкершиликли жумысыңызда жаңа жетискенликлер ҳәм әўметлер, форум жумысына табыслар тилеймен.

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти