“Жаңа Өзбекстан жаслары – 2030” стратегиясы әмелге асырылады

Президент Шавкат Мирзиёев “Жаңа Өзбекстан жаслары – 2030” стратегиясы жойбары бойынша презентация менен танысты.
Бул мәмлекетимизде жасларға байланыслы қабыл етилип атырған биринши бир пүтин стратегия болып, Жаңа Өзбекстанды қурыўда жаслардың орнын ҳәм потенциалын және де толық жүзеге шығарыўға қаратылған.
Бүгинги күнде елимиз халқы 38 миллионды қурап атырған болса, соннан 9,5 миллионы ямаса дерлик 25 проценти 14-30 жастағы жигит-қызлар болып есапланады. Ҳәр жылы 270 мың жас шаңарақ қәлиплеспекте. Мине, усы демографиялық фактор жаслар сиясатына узақ мүддетли ҳәм системалы қатнасты талап етпекте.
Стратегияда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, сапалы ҳәм инклюзив билимлендириўди раўажландырыў, шет тиллерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм кәсиплик билимлендириўди кеңейтиў, мийнет базарын хошаметлеў ҳәм жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, мәдений, физикалық ҳәм ағартыўшылық раўажланыўды күшейтиў, волонтёрлық ҳәрекетин кеңнен ен жайдырыў, жаслардың саламатлығын беккемлеў, сондай-ақ, ашық-айдынлық ҳәм қатнасыў механизмлерин кеңейтиў сыяқлы тийкарғы бағдарлар белгиленген.

Презентацияда 2030-жылға шекем ерисилиўи керек болған тийкарғы мақсетли көрсеткишлер көрип шығылды. Атап айтқанда, ҳәр жылы 600 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеў, 2030-жылға шекем 900 мың жасты волонтёрлыққа тартыў, оқыў орайларының санын 90 мыңға жеткериў, 450 мың жастың шет тиллер бойынша билимин B2 дәрежесине алып шығыў, жаслар жынаятшылығын азайтыў, ҳәр жылы кеминде 10 мың жас шаңарақты ипотека арқалы қоллап-қуўатлаў сыяқлы ўазыйпалар нәзерде тутылған. Билимлендириў тараўында жаслардың сапалы билим алыўы, мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин қоллап-қуўатлаў, шетки аймақларда оқыў орайларының имканиятларын кеңейтиў, шет тиллерди үйрениўди хошаметлеў бойынша жаңа жеңилликлер нәзерде тутылған.

Соның ишинде, алыс ҳәм шетки аймақларда оқыў орайларын шөлкемлестириўге 300 миллион сумға шекем ссуда ажыратыў, олар ушын социаллық салықты ҳәм оқытыўшылардың дәрамат салығын 1 процент етип белгилеў усыныс етилди. Сондай-ақ, B2 дәрежесине ерискен жаслар ушын сырт ел паспортын рәсмийлестириў ушын бажыны, C1 дәреже ҳәм исбилерменлик басламалары ушын айырым мәмлекетлик хызметлер төлемлерин 50 процентке шекем азайтыў усыныс етилмекте.
Стратегияда жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мәселесине де айрықша итибар қаратылған. Ипотека бағдарламасы арқалы кредиттиң Орайлық банк ставкасының жоқары бөлеги қаплап берилиўи, усы тәризде турақ жай мәселесинде жас шаңарақларға қосымша жеңиллик жаратылатуғыны белгиленбекте.
Социаллық белсендиликти арттырыў мақсетинде волонтёрлық қорынан 100 миллион сумға шекем грантлар ажыратыў, белсенди жасларды мәмлекетлик шөлкемлерде төлемли әмелиятқа тартыў, алдыңғы дөретиўшилер ушын Президент сыйлығын енгизиў, сондай-ақ, китап ҳәм Book-кафелер жайласқан “Жаслар көшелери”н шөлкемлестириў режелестирилген. Жаслар инфраструктурасының минимал стандартлары белгиленеди, ҳәр бир аймақтан “жаслар район-қалалары” таңлап алынып, усы стандартларды енгизиў бойынша үлги жаратылады.

Жаслардың саламатлығын беккемлеў, руўхый қәўип факторларын қысқартыў, психологиялық жәрдем системасын күшейтиў мәселелери де стратегияда өз көринисин тапқан. Атап айтқанда, руўхый қәўип топарына киретуғын жаслардың үлесин 40 процентке азайтыў, күни-түни ислейтуғын психологиялық байланыс орайын шөлкемлестириў, спорт пенен шуғылланатуғын жаслардың үлесин 25 процентке арттырыў нәзерде тутылмақта.
Жаслар сиясатында ашық-айдын пикирлесиў ҳәм объектив таллаў системасын күшейтиў мақсетинде Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институты тәрепинен жаслардың талаплары ҳәм күтилмелери бойынша социаллық сораўлар өткерилип, Миллий жаслар индекси дүзиледи. Жигит-қызлардың мүрәжатлары менен ислесиўге айрықша әҳмийет қаратылады. Ҳәр пийшемби жаслар менен пикирлесиўлер өткерилип барылады.
Халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў да стратегияның әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында белгиленген.
Усы мақсетте халықаралық форумлар, глобаллық басламалар, әўладлар қарым-қатнасы, Халықаралық жаслар конгреси сыяқлы форматлар жолға қойылыўы, 12-август – Халықаралық жаслар күни шеңберинде ири илажлар өткерилиўи, 100 мың өзбекстанлы жаслардың халықаралық бағдарламаларда қатнасыўын тәмийинлеў режелестирилген. Сондай-ақ, БМШ, Жәҳән банки, ЕРТБ сыяқлы структуралар менен “Junior Professional Officer” бағдарламасы шеңберинде халықаралық шөлкемлерде әмелият шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Стратегияны 2026-2027-жылларда әмелге асырыў шеңберинде 7 бағдар бойынша 56 жойбар әмелге асырылады. Соның ишинде, “Жаңа әўлад исбилерменлери” бағдарламасында Гарвард, Стэнфорд, MIT, Лондон бизнес мектеби сыяқлы абырайлы билимлендириў мәкемелери менен биргеликте 20 мың жасты оқытыў, 1 мың бизнес жойбарын таңлап алыў ҳәм оларға 3 жылға шекемги мүддетке базалық есаплаў муғдарының 500 есесине шекем ссуда бериў режелестирилген. Жас исбилерменлерге инженерлик тармақларына жалғаныў қәрежетлерин бир бөлегин қаплаў тәртиби де енгизиледи.
Республика бойынша “Өзбекстан жасларды сүйеди!” жойбары, “Ҳаёт фест” жаслар фестивалы, “Talaba Fest” ҳәм “Talaba Expo 2026” сыяқлы илажлар өткериледи, Робототехника ассоциациясының жумысы қоллап-қуўатланады.
Мәмлекетимиз басшысы жаслар мәселесине байланыслы барлық баслама ҳәм илажлар, бәринен бурын, жас әўладтың билимли, саламат, интакер ҳәм ўатансүйгиш болып камалға келиўине, олардың турмыста мүнәсип орын ийелеўине хызмет етиўи зәрүрлигин атап өтти. Стратегияны нәтийжели әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА