Өзбекстан БМШтың жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынайый әдил судлаў бойынша комиссиясына сайланды

Нью-Йорк қаласында EKOSOS сессиясы шеңберинде болып өткен сайлаўлардың жуўмақларына бола, Өзбекстан Республикасы 2027-2029-жыллар ушын БМШтың жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынайый әдил судлаў бойынша комиссиясы ағзалығына сайланды.
Бул комиссия 1992-жылы Вена қаласында шөлкемлестирилген болып, EKOSOS системасындағы тийкарғы ҳүкиметлераралық уйымлардан бири болып есапланады. Ол жынаятшылықтың алдын алыў, жынайый әдилликти раўажландырыў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў тараўында глобаллық сиясатты белгилейди. Комиссия 40 мәмлекеттен ибарат болып, олар үш жыл мүддетке сайланады.
Сайлаў процеси жоқары бәсеки шараятында өтти. Азия-Тыныш океаны регионындағы 4-орын ушын Өзбекстан, Қытай, Япония, Ҳиндстан ҳәм Саудия Арабстаны талабан болған.
Сайлаў алдынан Ҳиндстан кандидатурасын қайтарып алғанына қарамастан бәсеки жоқары дәрежеде сақланып қалды. Усы шараятта Өзбекстан кандидатурасы барлық EKOSOS ағзалары тәрепинен бир аўыздан қоллап-қуўатланды.
Комиссия қурамына АҚШ, Уллы Британия, Қубла Африка, Перу сыяқлы мәмлекетлер де сайланғаны бул уйымның жоқары абырайға ҳәм кең көлемге ийе екенин көрсетеди.
Комиссияға ағзалық мәмлекетимиз ушын бир қатар жаңа имканиятларды ашады. Соның ишинде, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм трансмиллий қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша халықаралық стандартларды қәлиплестириўде қатнасыў, БМШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, миллий жынайый әдиллик системасын буннан былай да жетилистириў ушын экспертлик ҳәм техникалық жәрдемди тартыў имканияты жаратылады.
Өзбекстанның комиссиядағы үш жыллық ағзалығы 2027-жыл 1-январьдан басланады ҳәм 2029-жылдың ақырына шекем даўам етеди.
Н.Абдураимова, ӨзА