Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

140

Усы жылдың 20-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, депутатлар, министрликлер ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басқарып барды.

Күн тәртибинде дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитетиниң қурамына өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында мәселе көрип шығылды.

Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң босап қалған 37-санлы «Хожели» сайлаў округинен Исламбек Ниязовтың Жоқарғы Кеңес депутаты болып сайланыўына байланыслы Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң қурамына өзгерислер киргизилип, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығын сайлаў туўралы болып, бул мәселе бойынша депутат Исламбек Ниязовтың кандидатурасы усыныс етилди.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди ҳәм И.Ниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы болып сайланды.

Буннан соң, күн тәртиби шеңберинде Қарақалпақстан Республикасында туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының туризм, мәденият, мәдений мийрас ҳәм ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орынбасары Р.Зарикеев баянат жасады. Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 402-санлы қарарының аймақларда орынланыўы бойынша Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов шығып сөйледи. Бул мәселе де қарап шығылды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияның күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы ҳәм оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси көрип шығылды. Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамын басшылыққа алып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы және оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 322 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.

Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги