Социаллық қорғаў системасында жаӊа механизмлер енгизиледи

128

Президент Шавкат Мирзиёев 17-апрель күни халықты, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж категорияларды қоллап-қуўатлаў, социаллық хызметлердиң қамтып алыўын ҳәм сапасын арттырыў, сондай-ақ, бул тараўдағы нызамшылық базасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған усыныслардың презентациясы менен танысты.

Соӊғы жылларда мәмлекетимизде социаллық қорғаў тараўын жаңа басқышқа алып шығыў, мүтәж пуқараларға мәмлекетлик жәрдемди мәнзилли ҳәм ашық-айдын тәризде жеткериў, хызметлерди санластырыў және оларды проактив түрде усыныў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бул процессте майыплығы болған шахслар, өзгелердиң күтимине мүтәж пуқаралар, майыплығы болған балаларды тәрбиялап атырған шаңарақлар, күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлар және социаллық хызметлер көрсетип атырған исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.

Презентацияда руўхый жағдайында бузылыўлары бар майыплығы болған шахсларға социаллық хызмет көрсетиў системасын түпкиликли жетилистириў мәселеси көрип шығылды. Атап өтилгениндей, бул бағдардағы тийкарғы мақсет – олардың жәмийетлик турмыста толық қатнасыўын тәмийинлеў, шаңарақ орталығына жақын шараятта комплексли хызметлер көрсетиў, сондай-ақ, күтим менен бәнт болған шаңарақларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Атап айтқанда, 2026-жыл 1-июньға шекем 0-3 жаста раўажланыўында нуқсанлары анықланған балалар ушын биринши мәрте “Ерте араласыў” хызмети басқышпа-басқыш енгизиледи. Бул хызмет арқалы арнаўлы педагоглар ҳәм емлеў денетәрбиясы инструкторларының қатнасыўында балаларға коррекциялық-педагогикалық жәрдем, сөйлеў ҳәм физикалық раўажландырыў шынығыўлары көрсетиледи. Хызмет мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен арнаўлы электрон реестр тийкарында жолға қойылады. Сондай-ақ, анатомиялық нуқсанлар менен туўылған балалардың қосымша медициналық тексериў ҳәм хирургиялық қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры есабынан қапланады.

Руўхый жағдайында бузылыўлары бар I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар ушын да 2026-жыл даўамында басқышпа-басқыш жаңа социаллық хызметлер енгизиледи. “Янги кун” күндизги қараў хызмети, үй шараятында қараў хызмети, киши көлемли “Мадад” үйи хызмети ҳәм “Социаллық дем алыс” қысқа мүддетли жайластырыў хызмети жолға қойылады. Бул хызметлер қараў ҳәм тәрбиялаў, күнделикли турмыс көнликпелерин қәлиплестириў, турмыслық жумысларға үйретиў, кәсиплик ҳәм финанслық есап-санақ көнликпелерин раўажландырыў арқалы шаңарақларды қоллап-қуўатлаўға қаратылады.

Бул жаңа хызметлер мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында маманлыққа ийе болған ҳәм зәрүр талапларға жуўап беретуғын мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен көрсетиледи. Бул арқалы 2026-жылы 8,3 мың руўхый жағдайында бузылыўы бар шахсты жаңа хызметлер менен қамтып алыў, 600 ге шекем мәмлекетлик емес шөлкем ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерди социаллық хызмет көрсетиўге тартыў режелестирилген.

Жаңа хызметлерден пайдаланыў менен байланыслы қәрежетлер Социаллық қорғаў мәмлекетлик қоры есабынан субсидия түринде қаплап бериледи.

Соның менен бирге, 2026-жыл 1-сентябрьден баслап 18 жастан үлкен терең дәрежедеги ақылый кемшилик диагнозы қойылған шахслардың күтими менен бәнт болған нызамлы ўәкиллер ушын ҳәр айлық жаңа күтим напақасы енгизиледи.

“Инсан” социаллық хызметлер орайларының ўәкилликлери де кеңейтиледи. 2026-жыл 1-июньнен баслап олардың хызметкерлери район ҳәм қала ҳәкимликлери жанындағы қәўендерлик ҳәм қайырқомлық комиссияларының қурамына киргизиледи. Сондай-ақ, руўхый жағдайында бузылыўлары бар шахсларға тайынланған қайырқом ҳәм қәўендерлер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыўы, усы шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин, мүлкин қорғаў, оларға қарата күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайлары турақлы мониторинг етип барылады.

Интернат мәкемелерин трансформациялаўға да айрықша итибар қаратылды. Усынысларға бола, “Мүриўбет” интернат үйлери басқышпа-басқыш “Ғамқорлық” орайларына айландырылады. Енди бул мәкемелер тийкарынан медициналық-социаллық емес, ал социаллық қатнас тийкарында ислейтуғын, шахсты жәмийетке бейимлестириўге қаратылған орайлар сыпатында жумыс алып барады. Ол жерде жасаўшыларды спорт, дөретиўшилик, эрготерапия, мийнет ҳәм социаллық-руўхый терапияға тартыў, “тренердиң бақлаўында” еркин жасаў хызмети арқалы турмыслық көнликпелерди қәлиплестириў, шаңарақлық орталыққа жақын киши көлемли турақ жайлар шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Презентацияда социаллық қорғаў тараўындағы нызамшылықты буннан былай да жетилистириў бойынша ислеп шығылған жаңа басламалар да додаланды. Атап айтқанда, шахсты майыплық белгиси бойынша кемситиў ушын жуўапкершиликти күшейтиў, суд қарарларын майыплығы болған шахслар ушын қолайлы түрде усыныў, социаллық хызмет ҳәм кепилликлерди бирден-бир Социаллық реестр тийкарында мәнзилли бағдарлаў нәзерде тутылмақта.

Күндизги тәрбиялаў хызметлерин раўажландырыў да әҳмийетли бағдар сыпатында атап өтилди. 3-18 жасқа шекем майып перзентин күндизги тәрбия хызметине берген ата-аналар ушын бул хызметке ҳәр айда төленетуғын 3 миллион сумға шекемги қаржыны дәрамат салығынан, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында майып балаларға күндизги тәрбия хызметин көрсетип атырған исбилерменлерди болса 2030-жылға шекем салықлардан азат етиў нәзерде тутылмақта. Бүгинги күнде бундай хызметлер 396 исбилермен тәрепинен жолға қойылған болып, олар 4,4 мыңнан аслам майыплығы болған балаға хызмет көрсетпекте.

Қалалық жолаўшы транспортынан бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе категорияларды кеңейтиў мәселеси де көрип шығылды. Соның ишинде, I топар майыбы болған шахслар ҳәм олар менен бирге жүретуғын шахсқа, сондай-ақ, 1941-1945-жыллардағы урыс майыпларына теңлестирилген шахсларға усы ҳуқықты қолланыў усыныс етилмекте.

Презентацияда күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлардың экономикалық еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған жаңа механизмлер де додаланды. Атап айтқанда, оларды айрықша мүрәжатсыз, “Инсан” социаллық хызметлер орайларының талабы тийкарында жумыс излеп атырған шахс сыпатында дизимге алыў, жумысқа жайластырыў хызметлерин көрсетиў ҳәм нәтийжелери бойынша оператив мәлимлеме алмасыў тәртибин енгизиў режелестирилген.

Балалардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм жас өспиримлерге болған зорлықтың айырым түрлерине қарсы гүресиў тараўында нызамшылықты күшейтиў мәселеси де көрип шығылды.

Оларға бола, жас өспиримлер сүўретленген порнографиялық материалларды тарқатыў мақсетинде сақлағаны ушын айрықша ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў, усындай ҳуқықбузарлық тәкирарланғанда жынайый жуўапкершиликти қолланыў, интернет ҳәм телекоммуникация тармақлары арқалы 16 жасқа толмаған шахсларға уятсыз-бузық ҳәрекетлер ислегени ушын жазаны күшейтиў нәзерде тутылған. Жас өспиримлер сүўретленген порнографиялық өнимлерди тарқатыў мақсетинде республикаға алып кириў, бундай өнимди таярлаў, реклама етиў, көрсетиў ямаса жас өспиримди порнографиялық ҳәрекет орынлаўшысы сыпатында тартқаны ушын еркинен айырыў жазасы тайынланыўы белгиленбекте.

Сондай-ақ, жас өспирим гүўа ҳәм жәбирлениўшилердиң ҳуқықларын исенимли қорғаў мақсетинде олардың нызамлы ўәкили институты енгизилмекте ҳәм сораўдың анық ўақыт нормалары белгиленбекте.

Презентацияда Жиззақ ўәлаятында “реформалар штабы” тәрепинен мәҳәллелердиң салыстырмалы үстинликлеринен келип шыққан ҳалда қәлиплестирилген жойбарлар ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысы социаллық қорғаў тараўындағы жаңа механизм ҳәм усынысларды мақуллап, тийисли нызам ҳүжжетлерине қол қойды.

ӨзА