Танзила Норбоева Стамбулда парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша әҳмийетли ушырасыўлар өткерди

Стамбулда Парламентлераралық аўқамның 152-ассамблеясы шеңберинде Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Парламентлераралық аўқамның президенти Тулия Эксон ҳәм Бас хаткери Мартин Чунгонг пенен ушырасты.
Парламентлераралық аўқамның демократиялық қәдириятларды алға қойыў ҳәм турақлы раўажланыўға жәрдемлесиў бағдарындағы әҳмийетли орны атап өтилди.
Өзбекстанның Парламентлераралық аўқам менен бирге ислесиўи жедел раўажланып, сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди. Ташкентте өткерилген 150-юбилей ассамблея жоқары баҳаланды.

Усы жылы Парламентлераралық аўқам басшылығының ўәкилликлериниӊ тамамланыўы мүнәсибети менен тәреплер биргеликтеги жумыслардың жуўмақларын есаплады.
Әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм басламалар себепли Өзбекстан парламенти халықаралық жәмийетшиликте өзиниң абырайын ҳәм статусын сезилерли дәрежеде беккемлегени атап өтилди.
Усы жылы 4-6-сентябрь күнлери Самарқанд қаласында өткерилетуғын Жас парламент ағзаларының 12-глобаллық конференциясына таярлық жумысларына итибар қаратылды.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында парламент дипломатиясын беккемлеў бағдарындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўдан еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды.
Буннан тысқары, Сенат Баслығы Т.Норбоева бир қатар мәмлекетлер парламентлериниң басшылары менен ушырасыўлар өткерди.

Әзербайжан Миллий Межлиси баслығы Саҳиба Гафарова менен болып өткен сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында парламентлераралық қатнасықлар избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди. Тәреплер екинши Өзбекстан – Әзербайжан парламентлераралық форумын шөлкемлестириў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.
Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республика Кеңесиниң Халықаралық ислер ҳәм миллий қәўипсизлик бойынша турақлы комиссиясының баслығы Сергей Алейник пенен ушырасыўда гезектеги Өзбекстан – Беларусь парламентлераралық форумы, парламент басшыларының ушырасыўлары, Жас парламент ағзалары форумын шөлкемлестириў және аймақлық ўәкилликли уйымлар арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.
Қырғыз Республикасы Жогорку Кенеши төрағасы Марлен Маматалиев пенен сөйлесиўде парламентлераралық бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди. Өз-ара сапар етиўлер ҳәм халықаралық майдандағы сөйлесиўлер бул бирге ислесиўди және де беккемлеп атырғаны атап өтилди. Аймақларда өткерилип атырған парламентлераралық бирге ислесиў бойынша комиссия мәжилислери болса әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.

Пакистан Ислам Республикасы Сенатының баслығы Юсуф Ризо Ғилоний менен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы сиясий сөйлесиў жоқары дәрежеде екени атап өтилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл февраль айында Исламабадқа сапары стратегиялық шерикликтиң раўажланыўына жаңа пәт бағышлағаны тән алынды. Тәреплер парламентлераралық бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алды.
Бахрейн Патшалығы Миллий мәжилиси Мәсләҳәт кеңеси (Шура кеңеси) баслығы Али бин Солиҳ Ас-Солиҳ пенен ушырасыўда болса еки мәмлекет халықлары арасындағы тарийхый-мәдений ҳәм диний байланыслардың уқсаслығы атап өтилди. Тәреплер парламентлераралық бирге ислесиўди жеделлестириўге таяр екенин билдирди.
Н.Абдураимова,
ӨзА