Өзбекстан – Қазақстан: Ташкентте Бухара саммити жуўмағы ҳәм келешектеги режелер додаланды

101

Ташкент қаласындағы Орайлық Азия халықаралық институтында “Өзбекстан – Қазақстан аўқамласлық қатнасықларының жаңа басқышы. Бухара саммитинен кейин қандай перспектива күтилмекте?” атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илаж еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективасын додалаў, ерисилген келисимлерди әмелиятқа енгизиў ҳәм жаңа усыныслар ислеп шығыў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Мәлим етилиўинше, 2025-жылдың жуўмағы бойынша, өз-ара саўда көлеми 4,8 миллиард долларды қурап, өткен жылға салыстырғанда 16,2 процентке артқан. Тәреплер бул көрсеткишти 10 миллиард долларға жеткериўди стратегиялық мақсет етип белгилеп алған. Сондай-ақ, улыўма баҳасы 3,8 миллиард долларлық 52 биргеликтеги инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта, биргеликтеги кәрханалардың саны болса 1 100 ден артқан.

– Өзбекстан ҳәм Қазақстан қатнасықлары жедел стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық басқышына кирген, – деди Қазақстан Президенти жанындағы Стратегиялық изертлеўлер институтының директоры Жандос Шаймарданов. – Пикиримди қәлиплескен инфраструктура, инвестицияның өсиўи ҳәм барған сайын жеделлесип атырған мәдений-гуманитарлық байланыслар да тастыйықлайды. Мәмлекетлеримиз арасындағы күн тәртиби енди тек ғана жақын жыллар емес, ал кейинги он жыллықларды да гөзлеп дүзилмекте.

– Аўқамласлық қатнасықларымыз парламентлераралық бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратқан, – дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Дилором Файзиева. – Парламентлер саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысты раўажландырыў, сондай-ақ, энергетика, суў, азық-аўқат ҳәм экологиялық қәўипсизлик мәселелерин додалаўда белсене қатнаспақта.

Әнжуманда Өзбекстан ҳәм Қазақстан биргеликте Орайлық Азиядағы бирге ислесиўди раўажландырыўға салмақлы үлес қосып атырғаны атап өтилди. Дөгерек сәўбети жуўмағында еки тәреплеме ҳәм регионаллық шерикликти буннан былай да тереңлестириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Дилшод Ҳакимов,

Отабек Мирсоатов (сүўрет), ӨзА