Анталияда ТМШ Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилиси болып өтти

130

Түркияның Анталия қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеми Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң рәсмий емес мәжилиси болып өтти. Бул ҳаққында мәмлекетимиз сыртқы сиясат уйымының басшысы Бахтияр Саидов хабар берди.

Ушырасыўда қатнасыўшылар бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын додалап, атап айтқанда, транспорт, энергетика, жасыл трансформация, санластырыў ҳәм инновация тараўына айрықша итибар қаратты.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында структураның институционаллық раўажланыўы, “ТМШ плюс” форматы шеңберинде байланысларды кеңейтиў, сыртқы шериклер менен әмелий ҳәм системалы бирге ислесиў орнатыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Мәжилис жуўмағында тәреплер регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, экономикалық өсиўди хошаметлеў ҳәм улыўма машқалаларды шешиўде өз-ара муўапықласқан ҳалда ислеўди даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.

Д.Ҳакимов, ӨзА