ҒМДА Сыртқы ислер министрлери Москвада топланды

118

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтияр Саидов Москвада болып өткен Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде қатнасты.

Атап өтилиўинше, ушырасыўда биргеликтеги ҳәрекетлердиң нәтийжелери есап-санақ етилип, узақ мүддетли перспектива ушын анық режелер ҳәм тийкарғы бағдарлар белгилеп алынған. Сондай-ақ, усы жылдың октябрь айында Түркменстанда өткерилиўи режелестирилген ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисине таярлық мәселелери де толық додаланды.

2

– Мазмунлы сөйлесиўлер даўамында кәсиплеслеримиз бенен көп тәреплеме шерикликти ҳәр тәреплеме беккемлеўге қаратылған 10 қарарды келисип алдық ҳәм қабыл еттик, – деп жазды Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң телеграм каналында. – Бул ҳүжжетлер мәмлекетлеримиз арасындағы жақынлықты және де күшейтиў, турақлылықты тәмийинлеў ҳәм ҒМДА мәканында избе-из социаллық-экономикалық раўажланыў ушын беккем тийкар жарататуғынына исенемиз.

3

Сондай-ақ, сапар даўамында министримиз “Орайлық Азия + Россия” форматында сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўында да қатнасты.

4

Илажда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Россия ўәкиллери алты тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери, сондай-ақ, оны буннан былай да раўажландырыў бойынша усынысларды додалады. Атап айтқанда, экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм экологиялық машқалаларды шешиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

5

Қалаберди, “жасыл” энергетика, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў сыяқлы бағдарларға итибар берилди. Халықаралық жағдайдың турақсызлығы артып баратырған шараятта регионаллық қәўипсизликти беккемлеўдиң әҳмийети ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ушын ҳәрекетлерди муўапықластырыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

6

– Биз конструктивлик руўхта өткен сөйлесиўлерди жоқары баҳалаймыз ҳәм бул келисимлер мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеўге хызмет ететуғынына исенемиз, – деп жуўмақлайды Б.Саидов өзиниң социаллық тармақтағы бетинде.

Өткир АЛИМОВ, ӨзАның хабаршысы