Белсенди жаслар – жәмийет раўажланыўының тийкарғы күши

125

Бүгинги күни жасларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.

Усындай ийгиликли илажлар қатарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районындағы бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа алынған, сондай-ақ, аўыр категориядағы ҳәм белсенди жаслар менен ушырасыў өткерди.

Онда ең дәслеп жаслар ушын бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, жаслардын басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында жаратылған шараятлар, берилген имканиятлар бойынша презентация жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Ушырасыўда республикамыз басшысы мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қарақалпақстанлы жасларға қаратылып атырған жоқары итибар, олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм өз потенциалын көрсетиўи ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айрықша айтып, оннан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти.

Өткерилген илаж даўамында жаслардың пикир ҳәм усыныслары тыңланып, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги