Түркий мәмлекетлер парламентлери басшыларының рәсмий емес ушырасыўы шөлкемлестирилди

46

 

Парламентлераралық аўқамның Стамбулда өткерилип атырған 152-ассамблеясы шеңберинде Түркий мәмлекетлер парламентлери басшыларының биринши рәсмий емес ушырасыўы да болып өтти.

Онда Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде мәмлекет басшылары арасында қәлиплескен нәтийжели бирге ислесиў нәтийжесинде экономикалық раўажланыў, регионаллық қәўипсизликти беккемлеў, климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм мәдений байланысларды кеңейтиўге қаратылған бир қатар басламалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Қатнасыўшылар парламентлердиң бул процесстеги орны ҳәм әҳмийетине айрықша тоқтап өтти. Атап айтқанда, нызамшылық базасын жетилистириў, қабыл етилген қарарлардың орынланыўы үстинен тәсиршең парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў арқалы бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў, турақлы раўажланыўды тәмийинлеўде әҳмийетли институт сыпатында көринип атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан тәрепи түркий мәмлекетлер арасында парламентлераралық сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў, нызамшылық жумысын муўапықластырыў, билимлендириў, илим, мәденият ҳәм экономикалық бирге ислесиў тараўларында биргеликтеги басламаларды алға қойыў және алдынғы тәжирийбелер менен өз-ара бөлисиўге таяр екенин билдирди.

Н.Абдураимова, ӨзАның хабаршысы