Синдаров Жавоҳир Санжарбековичти “Меҳнат шуҳрати” ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

54

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Жаңа Өзбекстанның абырайын халықаралық көлемде жоқарылатыўға қосқан үлкен жеке үлеси, мәмлекетимизде шахматты кеңнен ғалаба ен жайдырыў, әсиресе, жаслар арасында усы спорт түрин үгит-нәсиятлаў, нәўқыран әўлад қәлбинде миллий мақтаныш, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин жетилистириў бағдарындағы үлкен хызметлери, сондай-ақ, Кипрде өткерилген Халықаралық шахмат федерациясы Талабанлар турниринде өзиниң жоқары интеллектуаллық потенциалын ҳәм профессионаллық шеберлигин айқын көрсетип, дүньяның ең күшли гроссмейстерлери арасында рекорд нәтийжелерди көрсеткени ҳәм мүддетинен алдын жеңимпазлықты қолға киргизгени ушын шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы Синдаров Жавоҳир Санжарбекович “Меҳнат шуҳрати” ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев