Әскерий таярлық ҳәм әскерий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевқа 16-апрель күни әскерий хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў, резерв ҳәм резервтеги офицерлерди таярлаў системасын жетилистириў, сондай-ақ, 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў бойынша мәлимлеме берилди.
Бәринен бурын, армияның жаўынгерлик таярлығын беккемлеў, жеке қурамға жаңа система тийкарында билим бериў ҳәм кәсипке таярлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша есабат берилди.
Атап айтқанда, жаўынгерлик таярлық бағдарында әскерлерде комплексли стратегиялық ҳәм сәркардалық штаб оқыўлары, жыйын, дала шығыўлары ҳәм оқыў курслары системалы түрде өткерилип киятырғаны, онда жеке қурамда әдеп-икрамлылық-руўхый, реал жаўынгерлик жағдайларда қорқыў ҳәм сезимлерди басқарыў және исенимли ҳәрекет ете алыў сыяқлы әҳмийетли жаўынгерлик пазыйлетлерди қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Заманагөй жаўынгерлик ҳәрекетлерди таллаўдан келип шығып, барлық оқыў, тренинг ҳәм шынығыўларда жаўынгерлик алып барыўдың жаңа усыл ҳәм түрлери өзлестирилип атырғаны, бөлимшелердиң мобильлигин, жаўынгерлик имканиятларын ҳәм қойылған ўазыйпаларды еркин орынлаў қәбилетин арттырыўға қаратылған тийисли илажлар көрилип атырғаны бойынша мәлимлеме берилди.
Ҳәр жылы елимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы сыпатында белгилениўи елимизде тынышлықты сақлаў, ғәрезсизликти беккемлеў, Ўатан азатлығы жолында қурбан болғанлардың естелигин еслеў, бүгин арамызда саў-саламат жасап атырған урыс ҳәм мийнет ветеранларына ғамқорлық көрсетиўдиң айқын әмелий көриниси болып есапланады.
Быйыл байрам мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларының ҳәр бирине 30 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық төлеў усыныс етилди.
Сондай-ақ, бул күнде урыс қатнасыўшылары, фронт арты мийнет ветеранлары, кекселер ҳәм устазларға ҳүрмет-иззет көрсетиў, жалғыз баслы ҳәм кем тәмийинленген ветеранлардың турақ жайларын абаданластырыў, түрли еслеў ҳәм қәдирлеў илажларын шөлкемлестириў режелестирилген. Ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған Ўатан пидайыларының естелиги де улығланады. Олардың шаңарақ ағзаларына материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиледи.

Ана Ўатанымыздың тынышлығы, халқымыздың татыўлығы жолында жанын пидә еткен әскерий хызметкерлердиң мәртлигин ҳәм ерлигин үгит-нәсиятлаўға қаратылған руўхый-ўатансүйиўшилик илажлары өткериледи. Мәмлекетимиз бойлап “Пурсат, мәртлик, жигерлилик!” сүрени астында мәдений-ағартыўшылық илажлар, үш әўлад ушырасыўлары, дөретиўшилик кешелер, таңлаўлар ҳәм ғалабалық спорт жарыслары шөлкемлестириледи.
Презентацияда резервтеги ҳәм запастағы офицерлерди таярлаў системасын жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған қосымша илажлар да көрип шығылды. Атап өтилгениндей, дүньяда жүз берип атырған әскерий келиспеўшиликлерди таллаў урыс дәўириндеги мобилизация талапларынан келип шығып, тынышлық дәўиринде әскерий таярлыққа ийе болған офицерлер резервин қәлиплестириў ҳәм оларды қәнигеликлер бойынша дурыс бөлистириў әҳмийетли ўазыйпа екенин көрсетпекте.
Ҳәзирги күнде 4 жоқары билимлендириў ҳәм 2 жоқары әскерий билимлендириў мәкемесиниң әскерий таярлық оқыў орайлары ҳәм факультетлеринде 42 қәнигелик бойынша резерв ҳәм запастағы офицерлер таярланбақта. Буған қосымша түрде Үргенш, Термиз, Әндижан мәмлекетлик университетлери, Самарқанд экономика ҳәм сервис институты және Әндижан мәмлекетлик медицина институтында және 5 әскерий таярлық оқыў орайын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Сондай-ақ, мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде қосымша түрде “Шақырыўға шекемги әскерий билимлендириў” бағдары бойынша 3 жыллық бакалавриат билимлендириўи тийкарында резерв ҳәм запастағы офицерлерди таярлаў системасы жолға қойылады. Әскерий медицина институтында болса биринши мәрте клиникалық ординатура ҳәм магистратураға қабыл етилген және әскерий таярлықтан өтиў тилегин билдирген студентлер төлемли-контракт тийкарында оқытылады. Бундай имканият мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ушын да жаратылады.

Бүгинги күнде әҳмийетли болған жасалма интеллект, дрон, робототехника сыяқлы заманагөй ҳәм тар қәнигеликлер бойынша да резерв офицерлерин таярлаў жолға қойылады. Әскерий таярлық оқыў бөлимлери ушын алдынғы сырт ел армияларының тәжирийбеси тийкарында жаңа оқыў реже ҳәм бағдарламалар ислеп шығылады.
Әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Усы жылы 13-январь күни Президентимиз, Қураллы Күшлеримиз Жоқарғы Бас Сәркардасы басшылығында өткерилген Қәўипсизлик кеңесиниң мәжилисинде бул мәселе тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында белгиленген еди.
Соның ишинде, Қорғаныў министрлиги офицерлерине хызмет жыллары ушын төленетуғын ҳәр айлық үстеме муғдарын еки есеге арттырыў, контракт бойынша хызмет етип атырған әпиўайы әскер ҳәм сержантлардың айлық ақшалай тәмийнатын 10 процентке көбейтиў усыныс етилди.
Президентимиз усынысларды қоллап-қуўатлап, олардың орынланыўы әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаўды буннан былай да күшейтиўге, әскерий хызметтиң абырайын ҳәм тартымлылығын арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти ҳәм тийисли ҳүжжетлерге қол қойды.
ӨзА