Аймақлардың раўажланыўы ҳәм халықтың бәнтлиги – тийкарғы итибарда

232

Төрткүл районында исбилерменлик субъектлериниң жумысын мәнзилли үйрениўге, аймақтың раўажланыўы ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған әмелий илажлар жаңа басқышқа шықпақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов районда социаллық-экономикалық тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жаңа жойбарлар менен танысты.

Үйрениўлер даўамында “Шадлық” МПЖда халыққа социаллық хызмет көрсетиў комплекси ҳәм ондағы “Муштарий ДСЖН” оқыў орайының жумысы көзден өткерилди. Халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў, мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм түрлерин кеңейтиўде усы комплекстиң әҳмийети атап өтилди.

Сондай-ақ, усы аймақта 100 млн. сум жеңиллетилген кредит алып, өз жумысын баслаған жас исбилермен Муҳайё Комилованың жумысы үйренилди. Өнимлердиң түрин диверсификациялаў, аймақлық базардан республика көлемине шығыў имканиятлары ҳаққында пикирлесилди.

Мәҳәлледеги жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутатуғын жумысты үйге алып ислеў тийкарында жумыс пенен тәмийинлеў бойынша ҳәким жәрдемшисине тийисли усыныслар берилди. Әлбетте, жумысты үйге алып ислеў өзине тән жумыс түри болып, бунда ҳаял-қызлар өзиниң үйинен шықпаған ҳалда ислеў ҳәм дәрамат табыў имканиятына ийе болады.

Бизге мәлим, трикотаж фабрикалары ҳаял-қызларды турақлы жумыс орны менен тәмийинлеў ҳәм материаллық мәпдарлықты арттырыўда әҳмийетли орын тутады. “Гүлистан” МПЖ аймағындағы “Bаrака Tekstil Group” ЖШЖ да 200 ге шамалас жергиликли жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленген. Өткен 2025-жылы кәрханада 21 млрд. сумнан аслам өним ислеп шығарылған ҳәм сырт елге 1,7 млн. долларлық өним экспортқа жиберилген. Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары усы жәмийеттиң жумысы менен жақыннан танысты.

Буннан кейин аймақтағы Спорт мектебиниң жумысы үйренилип, жаслардың шуғылланыўы ушын жаратылған шараятлар көзден өткерилди. “Беруний” МПЖ белсендилери менен өткерилген сәўбетте болса халықтың абаданлығын тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Бундай үйрениўлер аймақлардағы “өсиў ноқатлары”н анықлаў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги