Мәденият ҳәм туризм тараўындағы жаңа жойбарлар көрип шығылды

68

Президент Шавкат Мирзиёев мәденият ҳәм туризм тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жаңа жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Бәринен бурын, Самарқанд қаласында 9 гектар майданда жаңа Жипек жолы музейин қурыў режеси көрип шығылды. Жойбарға бола, бул музей экспозициясы археология, сүўретлеў өнери, әмелий көркем өнер материалларын қамтып алған 6 мыңнан аслам сийрек ушырасатуғын экспонатларды бирлестиреди. Музейде турақлы ҳәм ўақытша көргизбелер ушын экспозициялар, 160 орынлық аудитория, балалар академиясы, консервация ҳәм изертлеў орайы, үлкен көлемдеги сақлаў ханалары да шөлкемлестириледи.

Презентацияда халықты мәденият мәкемелерине кеңнен тартыў, олардың мазмун-мәниси ҳәм жумыс усылын заман талаплары тийкарында жаңалаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Усы мүнәсибет пенен республикадағы 839 мәденият орайын басқышпа-басқыш трансформациялаў, имаратларын заманагөй көриниске келтириў, жумысына жеке меншик секторды тартыў, бул бағдарда тартымлылықты арттырыў бойынша усыныслар додаланды. Улыўма, 2030-жылға шекем мәденият тараўына 1 триллион сумнан аслам қаржы қаратылатуғыны белгиленди.

Көркем өнер тараўында қәбилетли жасларды ерте анықлаў, оларды төменги класслардан мақсетли оқытыў, оқыў орнында жасап билим алыўы ҳәм дөретиўшилик пенен шуғылланыўы ушын мүнәсип шараят жаратыў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленди.

Әндижан жаслар симфониялық оркестри ҳәм “Тумар” аяқ ойын ансамблиниң жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша билдирилген усыныслар мақулланды.

Медиамәканда миллий контентлерди көбейтиў, жасалма интеллекттен ақылға уғрас пайдаланған ҳалда миллий мәдениятымыз ҳаққында мағлыўматлар базасын кеңейтип барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, мәмлекетлик емес мәденият шөлкемлериниң жумысын жолға қойыў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, мәмлекетлик емес театр ҳәм театр-студияларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, оларға жойбарларды әмелге асырыў ушын грантлар ажыратып барыў системасы енгизилетуғыны белгиленди.

Усы жылдың басынан елимизге 3 миллионға шамалас турист келип, өсим пәти 37 процентти, туризм хызметлериниң экспорты болса 48 процентке өсип, 1,1 миллиард долларға жеткени атап өтилди. 2030-жылға шекем 20 миллион сырт ел туристин тартыў, 2026-жылда болса 12 миллион туристке хызмет көрсетиў мақсет етилген.

Енди ҳәр бир аймақтың өзине тәнлигинен келип шығып, оның туристлик потенциалын арттырыў бойынша мәнзилли бағдарламаларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Усы мақсетте аймақларда туризм инфраструктурасын жедел раўажландырыў ҳәм тараўды жойбарлаў басқармасы тийкарында шөлкемлестириў илажлары көрип шығылды. Атап айтқанда, 2026-2027-жылларда аймақларда 31 мастер-жойбарды әмелге асырыўды баслаў, 40 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў, жайластырыў қуралларының санын 8 мың 250 ге, туризм аўыллары ҳәм мәҳәллелериниң улыўма санын 84 ке жеткериў режелестирилген.

Жаңа туристлик өнимлерди қәлиплестириў ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша да бир қатар механизмлер нәзерде тутылған. Соның ишинде, сырт елли туристлерди тартыўға қаратылған үгит-нәсиятлаў қәрежетлериниң 25 процентке шекемги бөлеги, бирақ 500 миллион сумнан аспаған бөлеги қаплап берилиўи, туристлер ушын мәдений-ғалабалық ҳәм сахналастырылған тамашаларды системалы жолға қойған жеке меншик исбилерменлерди хошаметлеў, сервис тараўындағы жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелердиң қатнасыўында әмелий оқыў курсларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Презентацияда республикамыздың туризм потенциалын халықаралық базарда кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша да жаңа қатнаслар көрип шығылды.

Жуўапкерлерге додаланған жойбар ҳәм басламаларды пуқта ислеп шығыў, оларды анық есап-санақ ҳәм режелер тийкарында әмелге асырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА