Пайтахт экономикасында қосымша өсиў ноқатлары белгиленди

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласы экономикасында жоқары өсиў пәтлерин тәмийинлеў, бар резервлерди толық иске қосыў ҳәм исбилерменлик жумысы ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў бойынша мәжилис өткерди.
Мәжилисте бүгинги күнде дүньядағы сиясий ҳәм әскерий келиспеўшиликлер, сыртқы базарлардағы өзгерислер экспорт шынжырлары ҳәм өним жеткерип бериў мүддетлерине унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин екени атап өтилди. Бундай шараятта қосымша резервлерди анықлап, оларды жедел иске қосыў тийкарғы ўазыйпа екени көрсетип өтилди.
Пайтахт миллий экономикада айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилди. Бүгинги күнде Ташкент қаласы жалпы ишки өнимниң 21 процентин тәмийинлемекте. Быйылғы жыл “Пайтахтта жедел раўажланыў ҳәм халықтың дәраматларының өсиў жылы” деп жәрияланып, қала экономикасын 12 процентке арттырыў, 3,6 миллиард долларлық экспортты тәмийинлеў, 9 миллиард доллар инвестиция тартыў ҳәм 616 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы үлкен шеклер белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен қала ҳәкимлиги, оның 12 орынбасары ҳәм 12 район ҳәкими проактив жумыс шөлкемлестирип, санаат, экспорт, инвестиция ҳәм туризм тараўларындағы итималлы төменлеўлердиң алдын алыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Президентимиз буның ушын пайтахтта мийнет ресурслары да, қаржы имканиятлары да жетерли екенин атап өтти.
Мәжилисте усы жылы жаңаша қатнас тийкарында қаланың 12 районы анық бир санаат ямаса хызмет көрсетиў тармағына қәнигелестирилетуғыны атап өтилди.
Соның ишинде, Бектемир районы химия санааты ҳәм көтере саўдаға, Мырза Улығбек районы кабель санааты, илим, билимлендириў ҳәм мәлимлеме технологияларына, Мирабад районы азық-аўқат санааты, туризм ҳәм улыўма аўқатланыўға, Учтепа зергерлик, турмыслық хызмет ҳәм усақлап сатыўға, Чиланзар фармацевтика, саўда, хызмет көрсетиў ҳәм спортқа, Шайхонтоҳур мебель қурылысы ҳәм гастротуризмге, Юнусабад қағаз санааты ҳәм туризмге, Яшнабад электротехника ҳәм транспорт-логистикаға, Яккасарай жеңил санаат ҳәм финанслық хызметлерге, Янгиҳаёт автомобиль қурылысы ҳәм логистикаға, Алмазар қурылыс материаллары санааты ҳәм билимлендириўге, Сергели болса металлургия, логистика ҳәм автосервис тараўларына бағдарланады.

Ташкент қаласында стандарт емес усыныслар ислеп шығыў мақсетинде соңғы еки ҳәпте даўамында 23 мыңнан аслам исбилерменлер менен ушырасыўлар өткерилгени, 1 мың 300 ден аслам машқала анықланғаны, сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен 162 жаңа усыныс ҳәм баслама билдирилгени мәлим етилди. Бул усыныс ҳәм машқалалардың ҳеш бири итибардан шетте қалмаўы керек екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, пайтахтта арнаўлы инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын енгизиў арқалы жаңа тәжирийбе жаратылатуғыны белгиленди. Соның ишинде, бизнес ушын руқсатнама ҳәм лицензиялар бериў ўәкиллигин тийисли министрликлер ҳәм уйымлардан олардың аймақлық бөлимлерине түсириў, экспортшы кәрханаларды қоллап-қуўатлаўдың жаңа қатнасларын енгизиў, исбилерменлердиң логистикаға байланыслы машқалаларын жедел шешиў системасын жолға қойыў, айланыс қаржы менен тәмийинлеў ҳәм бизнести кеңейтиў ушын қолайлы шәртлерде қаржыландырыўдың жаңа механизмлерин ислеп шығыў нәзерде тутылғаны атап өтилди.
Исбилерменлер көтерген машқала ҳәм усынысларды жедел шешиў ушын өз алдына Муўапықластырыўшы кеңес дүзиў усыныс етилди. Оған районларды драйвер тараўлар тийкарында раўажландырыў, экономикалық ҳәм социаллық коньюнктураны турақлы мониторинг етиў, өсиў ноқатлары ҳәм пайдаланылмай атырған резервлерди анықлаў, системалы тосқынлықларды сапластырыў, идея ҳәм басламаларды қәлиплестириў, оларды қаржыландырыў ҳәм орынланыўын қадағалаў ўазыйпалары жүкленеди.

Улыўма, барлық имканиятларды жумсап, қосымша 88 триллион сумлық өним ислеп шығарыў, 4,9 миллиард долларлық экспортты тәмийинлеў ҳәм 5 миллиард доллар инвестиция тартыў, бюджетке 2,9 триллион сум түсим тәмийинлеў, 65,5 мың жоқары дәраматлы ҳәм турақлы жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша анықланған жаңа резервлерди иске қосыў ўазыйпасы қойылды.
Сондай-ақ, усы жылы Ташкент қаласына қосымша 500 миллион доллар тартыў мақсетинде пайтахт евробондларын шығарыў усыныс етилди.
Пайтахт исбилерменлерин Ташкент, Наўайы, Қашқадәрья, Әндижан, Бухара ҳәм Ферғана ўәлаятларындағы ири санаат кәрханалары менен байланыстырып, локализациялаў ҳәм кооперацияны кеңейтиў бойынша бағдарламаны тастыйықлаў тапсырылды.
Келешекте ири халықаралық консалтинг компанияларын тартқан ҳалда Ташкент қаласының экономикасын терең таллаў ҳәм раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
ӨзА