Үй-жай коммуналлық хызмет көрсетиў тараўы хызметкерлерине

Қәдирли ўатанласлар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди 18-апрель – Өзбекстан Республикасы үй-жай коммуналлық хызмет көрсетиў тараўы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлайман.
Өз хызмет орнында күнди-күг, түнди-түн демей, пидәкерлик пенен мийнет етип, халық, шөлкем ҳәм мәкемелердиң қолайлы ҳәм заманагөй шараятларда жасаўын ҳәм жумыс алып барыўын тәмийинлеп киятырған сизлер сыяқлы шебер инженер ҳәм жумысшылар, уста ҳәм слесарьлар, механик ҳәм технологлар, қәнигелер ҳәм ветеранларға, көп миллетли тараў хызметкерлерине усы қуўанышлы әййямда терең ҳүрметимиз ҳәм жақсы тилеклеримизди билдирип, шын жүректен рахмет айтамыз.
Әзиз дослар!
Соңғы жыллары елимизде барлық тараў ҳәм тармақлар қатарында халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыўда әҳмийетли орын ийелеп киятырған коммуналлық системада да түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, алдынғы халықаралық тәжирийбелер тийкарында турақ жайларға хызмет көрсетиў бойынша басқарыў сервис компаниялары шөлкемлестирилгени, оларға мәмлекетимиз тәрепинен зәрүр жеңилликлер менен кепилликлер берилгени хызметлердиң сапасын арттырыўда әҳмийетли роль атқармақта. Бул ҳаққында сөз болғанда, мәмлекетимиздеги 45 мың көп қабатлы жайдың 90 проценттен асламына 1 мыңнан аслам әне усындай шөлкемлер хызмет көрсетип атырғаны, соңғы 9 жылда 3 триллион 700 миллиард сум қаржы есабынан 51 мыңға шамалас жай оңланып, 3 мың 500 лифт жаңасына алмастырылғанын атап өтиў керек.
Тараўда санластырыў процесслери жедел алып барылып атырғаны себепли дерлик 42 мың көп қабатлы турақ жай ҳәм 1 миллион 500 мыңнан аслам мүлк ийелери “Мениң үйим” биллинг системасында дизимге алынды. Бул болса басқарыў шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды тиккелей бақлап, олардың жумысын баҳалап барыў имканиятын бермекте.
Буннан тысқары, 3 мың 400 ишимлик ҳәм ақаба суў имараты ҳәм 42 мың километрден аслам суў тармақлары қурылды ҳәм реконструкцияланды. Нәтийжеде елимизде халықты ишимлик суўы менен орайласқан система арқалы тәмийинлеў дәрежеси 2017-жылдағы 63 проценттен ҳәзирги ўақытта дерлик 83 процентке жетти. Ыссылық тәмийнаты тараўындағы кең көлемли жумыслар есабынан дерлик 100 орайлық ҳәм жергиликли қазанхана, 1276 километр ыссылық тармақлары оңланды ҳәм модернизацияланды.
Әсиресе, 3 мың 800 ден аслам көп қабатлы турақ жай ҳәм 371 социаллық объект усы системаға жалғанғаны дыққатқа ылайық.
Ҳәзирги ўақытта халқымыздың турмыслық мәплерин тәмийинлеў бойынша коммуналлық хызмет көрсетиў тараўы алдында да үлкен ўазыйпалар тур. Соның ишинде, 2030-жылға шекем халықты ишимлик суўы менен орайласқан тармақлар арқалы тәмийинлеў дәрежесин 90 процентке жеткериўди режелестиргенбиз. Сондай-ақ, 103 қазанхана, 1 мың 600 километр ыссылық тармақлары қурылады ҳәм реконструкцияланады. Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принципи тийкарында ҳәм халықаралық финанс институтларының қатнасыўында болса 13 ири инвестициялық жойбар әмелге асырылады. Булардың есабынан орайласқан ыссылық тәмийнаты менен қамтып алыў ҳәзирги 37 проценттен 58 процентке жеткериледи.
Сизлер өзиңиздиң бар күш-ғайратыңыз, билим ҳәм тәжирийбеңизди жумсап, мине, усындай үлкен ўазыйпаларды орынлаўға мүнәсип үлес қосасыз, деп исенемен.
Өз гезегинде, елимизде коммуналлық тараўдың материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў, системада жумыс алып барып атырған жумысшы ҳәм хызметкерлердиң мийнетин хошаметлеў буннан былай да мәмлекетимиздиң дыққат орайында болады.
Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, мийнетиңизде табыс ҳәм әўметлер, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ, ӨзА
Өзбекстан Республикасы Президенти