Германия ҳәм Орайлық Азия: отыз жыллық исеним келешек тийкары

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Германия арасындағы қатнасықлар ҳәзирги ўақытта исеним ҳәм өз-ара ҳүрмет тийкарына қурылған. Берлин тек ғана экономикалық емес, ал регион ушын тийкарғы сиясий шерик сыпатында да хызмет етпекте.
– Қордың ўәлаятта 1994-жылдан басланған системалы жумысы исенимли бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратты. Бүгинги күнде бул бирге ислесиў және де раўажланбақта. Мәмлекет басшыларының турақлы сапар етиўи ҳәм Германия сыртқы ислер министри Гюнтер Крихбаумның соңғы дипломатиялық сапары Германия Орайлық Азияға узақ мүддетли ҳәм тийкарғы шерик сыпатында қарайтуғынын тастыйықлайды. Форумымыздың мине усындай салмақлы қалада өткерилиўи болса үлкен мақтаныш, – дейди Андре Алгермиссен.

Экспертлик платформалардың мақсети ҳәзирги сиясий сөйлесиўди анық мазмун менен сиңдириў, инновацияларды енгизиў ҳәм нызам үстинлигин енгизиў және кең көлемли мәдений-ағартыўшылық алмасыўларды жолға қойыўдан ибарат.
– Биз Орайлық Азия ҳәм Германия арасында көпир қурмақшымыз. Германия тәжирийбеси ҳәм Орайлық Азия қәнигелериниң интеллектуаллық потенциалын үйлестириў заманагөй шақырықларға нәтийжели жуўап бериў имканиятын береди ҳәм Европа ушын қызықлы болған регионаллық интеграцияны беккемлейди, – деди ўәкилхана басшысы.
Экспертлер форумы даўам етпекте.
Аҳмаджон Шокиров, Беҳзод Саидов (сүўрет), ӨзАның хабаршылары