Нөкис районы: жаслар машқалалары бойынша унамлы шешимлер күтилмекте

61

Президентимиздиң жаслар менен болған ушырасыўынан соң ҳәр ҳәптениң пийшемби күни Жаслар күни деп белгиленип, елимизде жаслар менен ислесиўдиң пүткиллей жаңа, нәтийжели ҳәм мәнзилли системасы қәлиплестирилмекте. Бул баслама жаслардың тек ғана машқалаларын тыңлаў емес, ал олардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў, потенциалын толық көрсетиўи ушын беккем тийкар жаратпақта.

Мине усындай ийгиликли илажлар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районындағы бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа алынған жаслар менен ушырасыў өткерди.

Атап өтилгениндей, елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бири есапланады.

Өткерилген ушырасыўда бул бағдарда жасларға жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди. Соның менен бирге, мине, усы имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, ҳәр қыйлы бағдарларда жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслардың қатары барған сайын кеңейип атырғаны айрықша тилге алынды.

Ушырасыў даўамында жаслар белсендилик көрсетип, өзлерин қызықтырып атырған мәселелер, әмелде ушырасып атырған машқалалар ҳәм алға қойылып атырған усыныс ҳәм басламаларын билдирди.  Атап айтқанда, исбилерменликти жолға қойыў, жеңиллетилген кредитлерден пайдаланыў, кәсип-өнер үйрениў ҳәм билимлендириў тараўына тийисли мәселелер сөз етилди.

Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир көтерилген мәселе Жоқарғы Кеңес баслығының жеке қадағалаўына алынып, тараў  жуўапкерлерине қысқа мүддетлерде унамлы шешиў бойынша анық тапсырмалар берилди.

                                                                       Қарақалпақстан хабар агентлиги