Европа Аўқамы менен биргеликте нәтийжеге тийкарланған басқарыў системасы енгизиледи

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Басқарыў нәтийжелилиги агентлигиниң директоры Улуғбек Ҳусаинов Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар менен ушырасты.
Онда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде нәтийжеге тийкарланған басқарыў моделин енгизиў мәселеси көрип шығылды.
Бул бағдарда аймақларда пилот жойбарларды әмелге асырыў, инсан ресурслары менен ислесиў системасын жетилистириў ҳәм санлы ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиўди Европа Аўқамы тәрепинен финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик қоллап-қуўатлаў бойынша дәслепки келисимге ерисилди.

Соның ишинде, мәмлекетлик хызметкерлерди таңлаў ҳәм орналастырыў, маманлығын арттырыў, лаўазымда көтериў системасы жетилистириледи.
Мәмлекетлик хызметкерлер жумысының нәтийжелилигин баҳалаў системасы ҳәм санлы шешимлерди енгизиў, Европа Аўқамының “нәтийжели басқарыў” бағдарламасы шеңберинде халықаралық тәжирийбелерди енгизиў, стажировкалар шөлкемлестириў, орынларда нәтийжелиликти тәмийинлеўге хызмет ететуғын пилот жойбарларды әмелге асырыў мақсет етилмекте.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге таяр екенин билдирип, келешекте анық әмелий жойбарлар арқалы бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.
ӨзА