Италия Парламентиниң ўәкили Өзбекстандағы реформалардың нәтийжелерин жоқары баҳалады

Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары және де беккемленип, бирге ислесиў байланыслары кеңейип бармақта.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Раҳимжон Ҳакимов ҳәм Италия Республикасы Парламенти Депутатлар палатасының депутаты, “Италия – Өзбекстан” дослық топарының басшысы Фабрицио Бенцони басшылығындағы делегацияның ушырасыўында бул айрықша атап өтилди. Усы ушырасыў шеңберинде еки мәмлекет парламентлери дослық топарларының мәжилиси де өткерилди.

Сөйлесиўде кейинги жыллары еки мәмлекет басшыларының өз-ара исеним ҳәм дослық қатнасықлары себепли көп тәреплери бирге ислесиў байланыслары кеңейип, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў жоқары басқышқа шығып атырғаны айрықша атап өтилди.
Сондай-ақ, парламентлераралық сөйлесиўди және де жеделлестириў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шериклик, жасалма интеллект тараўында биргеликтеги жойбарлар, илим ҳәм билимлендириў алмасыўы, мәдений-гуманитарлық бағдарлар және туризм тараўында имканиятларды кеңейтиў мәселелери бойынша да өз-ара пикир алысылды. Парламентлераралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў зәрүр екенлиги атап өтилип, бул бағдар тек ғана еки тәреплеме байланысларды беккемлеп қоймастан, ал парламент ағзалары арасында тәжирийбе алмасыў имканиятын жарататуғыны атап өтилди.

Өз гезегинде, Ф.Бенцони шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған тең салмақлы, ашық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясат, кең көлемли реформалар ҳәм олардың нәтийжелерин жоқары баҳалады.
Сондай-ақ, делегация басшысы Ислам цивилизациясы орайына сапары онда терең тәсир қалдырғанын, бул имарат өзбек халқының бай тарийхы, дүнья цивилизациясына қосқан үлкен үлесин айқын көрсетиў менен бирге өсип киятырған жас әўлад ушын уллы ата-бабалардың мийрасын үйрениўде үлкен мектеп болатуғынын айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, ушырасыўда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеўде парламент ағзаларының қатнасын күшейтиў, нызам жойбарларын ислеп шығыўда тәжирийбе алмасыў, ушырасыўларды жанлы сөйлесиў түринде ҳәр жылы кеминде бир мәрте системалы өткерип барыў, парламентлик изертлеўлер бағдарында бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери додаланды.
Сөйлесиў даўамында усы жылы Самарқанд қаласында өткерилиўи режелестирилген 12-Глобаллық жаслар парламенти форумы ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўға қаратылған 3-пүткил жер жүзилик форумға Италия делегациясы мирәт етилди.
ӨзА