Орайлық Азия мәмлекетлери суў машқаласын биргеликте шешеди

34

Орайлық Азия шараятында суў тамтарыслығы машқаласын шешиў мүмкин бе? Регион таўлы аймақларда жайласқан музлықлардан қалай пайдалана алады? Бул сораўлар соңғы жыллары пүткил регионымыз, соның ишинде, өзбекстанлыларды да терең ойландырып атырғаны тәбийий. Душанбе қаласында усы жылы 25-28-май күнлери болып өтетуғын “Турақлы раўажланыў ушын суў” жоқары дәрежедеги 4-халықаралық конференциясы шөлкемлестириўшилериниң мақсети де  жоқарыдағы сораўларға жуўап табыў.

Тәжикстан Республикасының мәмлекетимиздеги елшиханасында дипломатиялық корпус ўәкиллери, жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери ушын өткерилген брифингте бул мәселеге айрықша итибар қаратылды.

– Әнжуманнан гөзленген мақсет – суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, бул бағдарда халықаралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў сыяқлы әҳмийетли мәселелерди көплеген мәмлекетлерден келетуғын жетекши қәнигелер, халықаралық финанс институтларының экспертлери, суў дипломатиясы ўәкиллери, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың хызметкерлери қатнасыўында додалаў, – дейди усы туўысқан мәмлекеттиң елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Насриддин Исматулло. – БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 2018-2028-жыллар ушын жәрияланған Халықаралық он жыллық ҳәрекетлер шеңберинде өткерилетуғын “Турақлы раўажланыў ушын суў” конференциясында Төртинши жуўмақлаўшы декларация да қабыл етиледи.

Дипломаттың пикиринше, регионымыздағы суў машқалаларын биргеликте, барлық тәреплердиң мәпин есапқа алған ҳалда әмелге асырылатуғын ҳәрекетлер арқалы сапластырыў мүмкин.

Әнжуман даўамында Тәжикстанның суў ресурсларын басқарыў тәжирийбесин үйрениў, усы бағдарда орынларда алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў да режелестирилген.

Ш.Салимов,

ӨзА