Өзбекстан-АҚШ: ядролық қәўипсизлик ҳәм киши модульли реакторлар бойынша бирге ислесиў раўажланбақта

Санаат, радиация ҳәм ядролық қәўипсизлик комитетиниң баслығы Абдуваққос Рафиқов ҳәм АҚШ мәмлекетлик хаткериниң ядро қуралларын тарқатпаў ҳәм энергетика тараўындағы бәсекиге шыдамлылық мәселелери бойынша жәрдемшисиниң орынбасары Кристофер Клайн басшылығындағы делегация арасында ушырасыў болып өтти.
Онда FIRST бағдарламасы шеңберинде киши модульли реактор технологияларынан қәўипсиз ҳәм жуўапкершиликли пайдаланыўға қаратылған жумыслар додаланды. Сондай-ақ, комитет хызметкерлери ушын шөлкемлестирилген оқыў курслары нәтийжели әмелге асырылғаны атап өтилди.

Тәреплер бағдарламаның кейинги басқышында нормативлик-ҳуқықый базаны халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў ҳәм қәўипсизликти тәртипке салыў системасын күшейтиў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды. Соның менен бирге, атом энергиясынан пайдаланыўда қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм еки мәмлекет арасында түсинисиў меморандумын таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Комитет мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, бул ушырасыў ядролық қәўипсизлик тараўында халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе.
ӨзА