Социаллық раўажланыў бағдарында бирге ислесиў мәселелери додаланды

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында академия басшылары ҳәм UNICEF шөлкеми ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда балаларды қорғаў, олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық раўажланыў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, бул бағдарларда илимий изертлеўлерди әмелге асырыў, маманлық системасын жетилистириў, кәсиплик компетенцияларды раўажландырыў ҳәм басшы кадрларды таярлаўға қаратылған әҳмийетли темалар бойынша пикир алысылды, делинеди Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясының мағлыўматында.
Сондай-ақ, ушырасыўда академияның билимлендириў бағдарлары, илимий жумысы, халықаралық бирге ислесиў байланыслары ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлери шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша толық мағлыўмат берилди.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында тәреплер биргеликтеги илимий жойбарлар ҳәм грант бағдарламаларын әмелге асырыў, экспертлердиң қатнасыўында илажлар шөлкемлестириў ҳәм бирге ислесиўди институционаллық тийкарда раўажландырыў бойынша келисимге еристи.
ӨзА