Өзбекстан халық артисти Фаррух Зокиров сыйлықланды

85

Көксарай резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында миллий эстрада көркем өнериниң жарқын ғайраткери, Өзбекстан халық артисти Фаррух Зокировтың 80 жыллық туўылған күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.

Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, дөретиўши зыялылар, “Ялла” ансамблиниң ағзалары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлеп, Фаррух Зокировты усы қутлы сәне менен қызғын қутлықлады, оған беккем денсаўлық, шаңарақлық тынышлық ҳәм жаңадан-жаңа дөретиўшилик табыслар тиледи.

Атап өтилгениндей, Зокировлар династиясы көп жыллардан берли миллий музыка ҳәм қосықшылық көркем өнеримиздиң раўажланыўына шексиз үлес қосып келмекте. Өзбекстан халық артисти Карим Зокиров тийкар салған көркем өнер мектеби, миллий өзбек эстрадасы тийкарын салыўшылардан бири Ботир Зокировтың бай дөретиўшилик мийрасы халқымыздың үлкен руўхый байлығы сыпатында жоқары қәдирленеди.

Пүткил бир шаңарақ ҳәм әўладтың өз өмирин көркем өнер ҳәм мәденияттың раўажланыўына бағышлаўы дүньяда сийрек ушырасатуғын ҳәдийсе екени айрықша атап өтилди. Фаррух Зокиров мине усы уллы дәстүрлерди мүнәсип даўам еттирип, миллий эстрада көркем өнерин жаңа басқышқа алып шыққан көркем өнер ғайраткери сыпатында тән алынды.

Илажда Фаррух Зокиров тек ғана халқымыз емес, ал пүткил Орайлық Азия, Дослық Аўқамы мәмлекетлери ҳәм түркий халықлардың сүйикли көркем өнер ғайраткери екени атап өтилди. Оның Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти деген ҳүрметли атақлар менен бир қатарда Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Әзербайжан, Татарстан, Башқуртстан ҳәм Ингушетия халық артисти деген жоқары атақларға ийе болғаны көркем өнер ғайраткериниң дөретиўшилигине берилген үлкен баҳа сыпатында атап өтилди.

Бүгин Фаррух Зокиров дегенде “Ялла” ансамбли, “Ялла” дегенде болса Фаррух Зокиров образы көз алдымызда сәўлеленеди. Мине, 55 жылдан берли бул белгили жәмәәт тек ғана мәмлекетимизде емес, ал дүньяның абырайлы сахналарында да гөззал қосықлар айтып, миллионлаған ықласбентлердиң меҳрине ерисип келмекте. “Ялла” ансамбли жәмәәтлик эстрада атқарыўшылығын жолға қойып, елимиздиң көркем өнери ҳәм мәденияты тарийхында пүткиллей жаңа бет ашты. Бүгин халқымыздың байрамлары, әҳмийетли илажлары ҳәм қутлы әййямларын усы ансамбль атқарыўындағы қосықларсыз көз алдымызға келтирип болмайды.

Илажда “Ялла” ансамблиниң ағзалары Жавлон Тўхтаев, Аббос Алиев, Темур Холиқов ҳәм Игор Холиқовтың да көп жыллық нәтийжели жумысы атап өтилди.

Атап өтилгениндей, “Ялла” ансамблиниң атқарыўындағы 400 ден аслам қосықлардағы миллий руўх ҳәм саз ҳақыйқый халық көркем өнериниң үлгисине, миллий мәдениятымыздың “алтын фонды”на айланған. Яллама ёрим”, “Йўл бўлсин”, “Ҳандалак”, “Мажнунтол”, “Келибди” сыяқлы қосықлар, “Чойхона”, “Сумалак” сыяқлы шығармалар миллий қәдириятларымызды жырласа, “Тошкентим онам”, “Учқудуқ”, “Шаҳрисабз” сыяқлы қосықлар елимиздиң бийтәкирар орынларын дүньяға кеңнен танытты.

Мәмлекетимиз басшысы Фаррух Зокировтың елимиздиң социаллық-мәдений турмысындағы белсене қатнасына да айрықша тоқтап өтип, оның жүзлеген жасларға устазлық етип, оларды үлкен сахналарға алып шығып атырғаны, “Овоз” сыяқлы ири жойбарлар арқалы жаңа талант иелерине көркем өнер сырларын ҳәм сахна мәдениятын үйретип атырғаны ҳәмме ушын ҳақыйқый ибрат екенин атап өтти.

Регион дөретиўшилери менен жолға қойылған бирге ислесиў халықлар арасында руўхый көпир ўазыйпасын атқарып атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, мәмлекетимиз Фаррух Зокиров сыяқлы көркем өнер ғайраткерлериниң халықаралық дөретиўшилик жойбарлары ҳәм жаңа шығармаларын бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилди.

Салтанатлы илажда Фаррух Зокировтың көп жыллық жемисли мийнети, миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыў жолындағы пидайы хызметлерин мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде Президент тәрепинен айрықша пәрман ҳәм қарарға қол қойылғаны жәрияланды.

Атап айтқанда, Яшнабад районындағы 7-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине Фаррух Зокиров аты бериледи.

Бул мектепте “Ялла” атындағы балалар ансамбли, жаслардың дөретиўшилик лабораториясы, заманагөй даўыс ҳәм видео жазыў студиясы шөлкемлестириледи. “Устаз-шәкирт” дәстүрлери тийкарында эстрада бағдары бойынша атқарыўшылық шеберлиги класслары жолға қойылады, устаз дөретиўшилердиң айлығына қосымша үстеме төленеди. Мектепте айрықша баҳаларға оқып атырған оқыўшылар ушын қәнигелескен көркем өнер ҳәм мәденият билимлендириў мәкемелерине қабыллаў бойынша айрықша имканиятлар жаратылады. Ҳәр жылы республикамыз аймақларынан қәбилетли оқыўшылар усы мектепте өз шеберлигин арттырып барады. Бюджет есабынан қәбилетли оқыўшылар устазлары менен бирге абырайлы халықаралық таңлаўларға жибериледи ҳәм мүнәсип хошаметленеди.

Илажда бул билимлендириў дәргайы елимиздеги ең үлгили орынлардан бирине айланып, Зокировлар династиясы жаратқан бийбаҳа дөретиўшилик мийрасты келешек әўладқа жеткериўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Салтанатлы мәресимде Президентимиз миллий көркем өнеримиз ҳәм мәдениятымызды раўажландырыў жолындағы көп жыллық шексиз хызметлери ушын Фаррух Зокировқа “Буюк хизматлари учун” орденин тапсырды.

ӨзА