Россия делегациясы Ташкент қаласындағы “МИФИ” миллий изертлеў ядро университети филиалы студентлери менен ушырасты

Россия Федерациясы Президенти Администрациясы басшысының биринши орынбасары Сергей Кириенко басшылығындағы делегация Ташкент қаласындағы “Москва инженерлик-физика институты” миллий изертлеў ядро университетиниң филиалына барды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-июльдеги “Ташкент қаласында “МИФИ” миллий изертлеў ядро университети” федерал мәмлекетлик автоном жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы бойынша шөлкемлестирилген бул жоқары оқыў орнында бүгинги күнде 250 ге шамалас студент дүнья билимлендириў стандартлары тийкарында билим алмақта.
“МИФИ” инженерлик-физика тараўында қәнигелерди таярлаў бойынша дүньяда өз потенциалына ийе жоқары оқыў орны екенин атап өтиў керек. Университет ядро билимлендириўи ҳәм технологиялары бойынша дүньяда төртинши орында турады.
Делегация ағзалары университеттиң коворкинг аймағында студентлер менен ушырасып, олардың келешектеги режелери ҳәм мақсетлери ҳаққында сәўбетлести. Бул жерде ядролық физика, энергетика, инженерлик ҳәм заманагөй технологиялар тараўларына бағдарланған билимлендириў системасы жасларға кең имканиятлар беретуғыны атап өтилди.
Буннан соң мийманлар ушын филиал бойлап экскурсия өткерилди. “Виртуал реаллық ҳәм реверс инжиниринг”, “Энергоаудит ҳәм энергосервис”, “АЭС аналитикалық тренажёрлары” сыяқлы алдыңғы инженерлик мектеби лабораторияларының жумысы менен танысыў болды.
Делегация ўәкиллерине заманагөй технологиялар тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Соның ишинде, энергия нәтийжелилигин арттырыў, ресурсларды үнемлеў ҳәм кәрханаларда энергия тутыныўын таллаў бойынша әмелий қолланбалар көрсетилди. Сондай-ақ, лабораториялар шеңберинде әмелге асырылып атырған инновациялық жойбарлар ҳәм стартаплар да таныстырылды.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
Носиржон ҲАЙДАРОВ (фото), ӨзА