Президент Шавкат Мирзиёев Жавоҳир Синдоров пенен телефон арқалы сөйлести

Президент Шавкат Мирзиёев Халықаралық шахмат федерациясының Талабанлар турнириниң жеңимпазы Жавоҳир Синдоров пенен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы жас гроссмейстеримизди Өзбекстан шахмат тарийхында биринши мәрте бул абырайлы жарыста жеңиске ерисип, шын мәнисиндеги тарийхый жеңиске ерискени менен қызғын қутлықлады.
Сәўбетте Жавоҳир Синдоров бул турнирде алдын ҳеш ким ерисе алмаған жоқары шекти ийелегени, 14 ойында 6 мәрте жеңиске ерискени спорт әлеминде сийрек ушырасатуғын ўақыя екени айрықша атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы жас гроссмейстер дүньяның ең белгили шахматшыларына қарсы ҳәр бир беллесиўде үлкен мәртлик ҳәм шеберлик пенен ойын көрсетип, күшли ерк-ықрар, жоқары интеллектуаллық потенциал ҳәм исеним пазыйлетлерин көрсеткенин атап өтти.
Президентимиз енди Жавоҳир Синдоров алдында жәҳән тажы ушын шешиўши ҳәм абырайлы беллесиў турғанын атап өтип, болажақ ойынларда оған және де үлкен әўмет, күш-ғайрат ҳәм жаңа табыслар тиледи.
Сәўбетте быйыл Самарқанд қаласында өтетуғын 46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасында Жавоҳир Синдоровтың қатнасыўы, әлбетте, командамызға үлкен руўх ҳәм исеним бағышлайтуғыны атап өтилди.
Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз басшысы Жавоҳир Синдоровтың ата-анасы, жақынлары, устаз ҳәм тренерлерин де усы тарийхый жеңис пенен шын жүректен қутлықлады.
Жавоҳир Синдоров жоқары итибар, қызғын қутлықлаў ҳәм билдирилген исеним ушын Президентимизге терең миннетдаршылық билдирди.
ӨзА