Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлерине мүнәсип саўға

322

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги көп жыллардан берли өзиниң имаратына ийе болмай, ҳәр түрли министрликлердиң бинасында жумыс алып баратуғын еди.

Президентимиздиң мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға байланыслы шығарған арнаўлы Пәрман ҳәм қарарлары, республика ҳүкиметиниң аталарша көрсеткен ғамқорлығының нәтийжесинде министрлик өз иргесине ийе болды.

Бүгин 15-апрель ― «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен Нөкис қаласында усы жаңа имаратының ашылыўына арналған илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.

Республикамыз басшысы соңғы жыллары елимиздеги халық хожалығының барлық тараўлары қатарында мәденият ҳәм көркем өнер тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылғанын, өткен қысқа ўақыт ишинде мәмлекетимиз Президенти тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, тараўды еле де раўажландырыў, мәденият мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, хызметкерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў жаңа басқышқа көтерилип атырғанын айрықша атап өтти.

Мине усындай ийгиликли илажлар қатарында барлық қолайлықларға ийе жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы бүгинги Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни байрамында тараў хызметкерлерине үлкен саўға болды.

Өткерилген илажда тараў нураныйларынан Өзбекстан халық артисти, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, «Меҳнат шуҳрати» ҳәм «Эл-юрт ҳурмати» орденлериниң ийеси Нажиматдин Аңсатбаев, Қарақалпақстан халық артисти Бийбираба Өтепбергеновалар шығып сөйлеп, мәденият тараўына қаратылып атырған бундай жоқары итибар ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын мәмлекетимиз Президенти ҳәм республикамыз басшыларына өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.

Буннан соң имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары жаңа имараттағы жаратылған қолайлы шараятлар менен жақыннан танысты.

Әлбетте, бул имарат халқымыздың ийгилиги жолында, мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлерине узақ жыллар даўамында хызмет етеди деп ойлаймыз.

Соңынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Ҳәр қандай халықтың мәденияты менен көркем өнерине деген ҳүрмет – бул сол халықтың тарийхы, миллийлиги, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине болған ҳүрмет саналады. Сонлықтан да, бүгинги байрам тамыры терең тарийхқа ийе көп миллетли халқымыздың, пүткил елимиздиң байрамы, десек алжаспаған боламыз. Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға, тараў хызметкерлерине қолайлы шараятлар жаратыўға ҳәм олардың хызметлерин мүнәсип баҳалаўға, халықтың мәдений дем алыўын мазмунлы шөлкемлестириўге айрықша итибар шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, Пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.

Өткерилген салтанатлы илаж даўамында мине усындай ийгиликли жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги