Россия делегациясы Жеңис паркине барды

Россия Федерациясы Президенти Администрациясы басшысының биринши орынбасары Сергей Кириенко Өзбекстанға сапарын пайтахтымыздағы Жеңис паркиндеги “Мәртлик гимни” естелигине гүл қойыўдан баслады.
Дәслеп мийманлар улыўма тарийхымыз ҳәм оның жарқын бетлери, соның ишинде, Екинши жер жүзилик урыстағы жеңисти айрықша ҳүрмет-иззет пенен еске алып, саўаш майданларында қаҳарманларша қайтыс болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти.
Буннан соң делегация ағзалары комплекс ишинде жайласқан “Шон-шараф” музейи менен танысып, урыс жылларында халқымыз көрсеткен мәртлик ҳәм ерлик, фронт артындағы мийнет пидайылығына бағышланған экспозицияларды көзден өткерди.
Сапар даўамында мийманларға музейдиң жайласыўы, оның қурылыс идеясы ҳәм бул жерде әмелге асырылып атырған руўхый-ағартыўшылық жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы дослық қатнасықлары, тарийхый естеликти қәстерлеп сақлаў ҳәм келешек әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
С.Кириенко Жеңис парки комплексиниң руўхый әҳмийетин жоқары баҳалап, бул жер тек ғана тарийхый естелик емес, ал жас әўладты миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.
Жоқары мәртебели мийман музейдиң ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба қалдырды.
ӨзА