Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтан хат келди:

Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Қәдирли Шавкат Миромонович!
Тек ғана Орайлық Азия емес, ал пүткил дүнья цивилизациясының дүрданалары болған әййемги Бухара қаласына әмелий сапарым ўақтында көрсеткен айрықша миймандослық ушын сизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Өзбекстан бул бийбаҳа байлықты қәстерлеп-сақлап, байытып, уллы өтмишти заманагөй талаплар менен үйлестирип киятырғаны мени таң қалдырды. Бухараның бүгинги гөззал келбети Сизиң Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған ақылға уғрас ҳәм дөретиўшилик сиясатыңыздың жоқары нәтийжелилигиниң айқын көриниси болып табылады.
Терең ойланған илажларға бай сапар етиўдиң өзи, әлбетте, пайдалы болды. Бухарадағы бир күнлик сөйлесиўлер узақ мүддетли сиясий нәтийжеси жағынан рәсмий сапар етиўден ҳеш қалыспайды, деген пикирдемен.
Ушырасыўымыз Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы көп қырлы байланысларды және де беккемлеў ушын жаңа горизонтларды ашты, мәмлекетлераралық стратегиялық бирге ислесиўди жаңа мазмун менен байытыўға хызмет етеди.
Астанаға қайтқан соң, ерисилген ҳәм тастыйықланған келисимлерди әмелге асырыў, сондай-ақ, елиңиздиң ҳәр қыйлы тараўлардағы пайдалы тәжирийбесин есапқа алыў бойынша анық тапсырмалар бердим. “Таза ҳаўа” биргеликтеги басламасына айрықша әҳмийет беремен.
Исенимим кәмил, биз қойған ўазыйпалардың сапалы орынланыўы Қазақстан – Өзбекстан стратегиялық шериклигин ҳәм аўқамласлығын жаңа шеклерге алып шығыўға хызмет етеди.
Қазақстан ушын үлкен мәдений ҳәм тарийхый әҳмийетке ийе болған архив материалларын усынғаныңыз ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен. Бул ҳәрекет Сизиң кеңпейиллигиңиз ҳәм қазақ халқына болған жыллы көзқарасыңыз, туўысқан мәмлекетлеримиз тарийхын мүнәсип тән алғаныңыздан дерек береди.
Ҳүрметли Шавкат Миромонович! Сизге ҳәм шаңарағыңызға шын кеўлимнен беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, Қазақстанның мәңги досты, аўқамласы ҳәм стратегиялық шериги болған Жаңа Өзбекстанды қурыўда жаңа табыслар тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Қасым-Жомарт ТОҚАЕВ,
Қазақстан Республикасы Президенти