Турақ жай қурылысы ҳәм урбанизация тараўындағы жумыслар және әҳмийетли ўазыйпалар додаланды

124

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 14-апрель күни турақ жай қурылысы ҳәм урбанизация тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, машқалалар және келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Илажда орынлардағы студиялардан видеобайланыс арқалы 500 ден аслам исбилермен, қурылысшы, жойбарлаўшы, архитектор ҳәм қала қурылысшылары қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы барлық тармақ ҳәм аймақларда жоқары экономикалық өсиў бойынша белгиленген үлкен шеклерге ерисиўде қурылыс тараўы айрықша орын ийелейтуғынын атап өтти. Таллаўларға бола, қурылысқа киргизилген ҳәр 1 доллар экономикаға 2-3 долларлық нәтийже келтиреди, тараўда жаратылған бир жумыс орны болса басқа тармақларда және 5 жумыс орнының пайда болыўына хызмет етеди.

Соңғы тоғыз жылда мәмлекетимизде дерлик 10 мың жаңа қурылыс кәрханасы жумыс баслады. Айланысы 1 триллион сумнан асқан 20, 100 миллиард сумнан жоқары көрсеткишке шыққан 365 ири компания қәлиплести. Жойбарлаў шөлкемлериниң саны 2 мыңнан асып, олардың 650 ден асламы халықаралық сертификат алды.

Усы дәўирде қурылыс тараўында руқсат бериў басқышлары 3 есеге, мүддетлер 4 есеге қысқартылды. 420 қала қурылысының норма ҳәм қағыйдалары бирлестирилип, ескилери бийкар етилди ҳәм 140 жаңа норма ҳәм қағыйда тастыйықланды.

Нәтийжеде өткен жыллар даўамында 210 миллион квадрат метр имарат-объект, 647 мың квартиралы 15 мыңнан аслам көп қабатлы турақ жай қурылды. Қурылыс жумысларының көлеми 2016-жылдағы 30 триллион сумнан өткен жылы 314 триллион сумға жетти. Бүгин қурылыс, қурылыс материаллары ҳәм оларға байланыслы тараўларда 3,5 миллион халық бәнт.

Атап өтилгениндей, исбилерменлик ушын ҳәр жылы 6,5 мың гектар жер, 600 мың квадрат метр имарат-объектлер саўдаға шығарылмақта, киши ҳәм орта бизнес ушын 140 триллион сум ресурс ажыратылмақта. Бирақ жер ҳәм кредит сыяқлы тийкарғы мәселелер шешилген болса да, исбилерменлер қурылысты баслаў басқышында елеге шекем ҳәр қыйлы тосқынлықларға дус келмекте, бул процесслер айлап-жыллап созылады.

Мәжилисте урбанизация мәселесине айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги күнде елимиз халқы 38 миллионнан артып, урбанизация дәрежеси 51 процентке жеткен, дерлик 20 миллион халық қалаларда жасамақта. Мәмлекетимиз басшысы урбанизация дәрежесиниң ҳәр 1 процентке өсиўи экономикаға кеминде 1 процент қосымша өсим алып келетуғынын, инвестиция ағымы, бизнес ҳәм стартаплардың белсендилиги, мийнет өнимдарлығы соған сәйкес түрде артатуғынын атап өтти. Сол себепли, республикада урбанизацияны турақлы раўажландырыў бойынша бирден-бир көзқарас болыўы шәрт екенлиги көрсетип өтилди.

Атап өтилгениндей, бас режелерди ислеп шығыў ушын бюджеттен жылына 200-250 миллиард сум ажыратылмақта. Бул қаржылар, бәринен бурын, бас режеси жоқ ямаса гөнерген аймақларға қаратылыўы керек. Ҳәзирги ўақытта киши қала ҳәм посёлкаларда да ири жойбарларды әмелге асырыў тилегинде болған исбилерменлер көп, бирақ қала қурылысы ҳүжжетлериниң жоқлығы себепли олардың жумыслары тоқтап қалмақта.

Ўәлаят ҳәкимлери ҳәм Урбанизация комитетине усы жылдың өзинде бюджет қаржылары есабынан 6 қала ҳәм 44 посёлка бойынша бас режелерди, 104 аўыл бойынша мастер-режелерди жуўмақлаў, буннан тысқары, интакер исбилерменлер менен бирге және 50 елатлы пункт ушын қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыўды баслаў тапсырылды.

Мәжилисте бас реже жоқ екени себепли 2025-жылы жерди меншиклестириў бойынша 112 мың арзаның 14 проценти бийкар етилгени, бул болса 4 мың гектар жерди активке айландырыў имканияты ҳәм бюджетке қосымша 550 миллиард сум түсимди қолдан бериўге себеп болғаны көрсетип өтилди. Усы мүнәсибет пенен үш ай ишинде жерлерди меншиклестириўге байланыслы арзаларға инсан факторысыз, 5-10 минутта онлайн жуўап беретуғын системаға өтиў ўазыйпасы қойылды.

Қалаберди, бас режелерди тастыйықлаў менен шекленип қалыў мүмкин емес екенлиги атап өтилди. Оларда белгиленген суў, канализация, ыссылық, газ, электр тармақлары ҳәм жоллардың қашан, қайсы гезекте ҳәм қандай дереклер есабынан қурылатуғыны анық көрсетилмегенлиги сынға алынды. Ҳәр бир тастыйықланған бас реже бойынша оны әмелге асырыўдың жыллық комплексли бағдарламалары ислеп шығылыўы, бул халық, исбилерменлер ҳәм жуўапкерлерге жеткерилиўи шәрт екенлиги атап өтилди.

Сонлықтан, ҳәр бир ўәлаят ҳәкимине еки ай мүддетте ўәлаят ҳәм район орайларының тастыйықланған бас режелерин әмелге асырыў бойынша комплексли бағдарламаларды ислеп шығыў тапсырылды. Олардағы илажлардың қайсы бөлеги республикалық ҳәм жергиликли бюджеттен, қайсы бөлеги халықаралық финанс шөлкемлериниң есабынан қаржыландырылатуғыны анық белгилениўи шәрт екенлиги көрсетилди.

Жер ҳәм объектлерди экономикалық жумысқа тартыў бойынша да үлкен кемшиликлер атап өтилди. Соңғы төрт жылда аукционда сатылған 11,5 мың гектар жердиң 3 мың гектарында қурылыс басланбаған. Сондай-ақ, аукционға шығарылған 582 гектар жер участкасы ҳәм 122 мәмлекетлик объект бир жылдан берли сатылмай турғаны көрсетип өтилди.

Онда меншиклестириў бағдарламасын қәлиплестириўде де, объектлерди сатыўда да ҳәкимлердиң орны сезилмей атырғаны, исбилерменлердиң пикири алдыннан үйренилмей атырғаны сынға алынды. Негизинде, ҳәр бир объектти сатыўда аймаққа инвестиция тартыў ҳәм мәҳәлле ушын жаңа жумыс орнын жаратыў биринши орында турыўы керек екенлиги атап өтилди.

Сонлықтан, енди объектлерди меншиклестириў бағдарламасына киргизиў, оларды сатыў ҳәм инвестиция нәтийжелилигин тәмийинлеўде ҳәкимлер Мәмлекетлик активлер агентлиги менен теңдей жуўапкер болатуғыны белгиленди. Меншиклестириў шеңберинде бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатылған объектлер ушын қалдық суммаға ҳәр жылы 14 процент үстеме есаплаў әмелияты да бийкар етиледи.

Мәжилисте қурылыс тараўындағы руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў мәселеси де додалаў орайында болды. Өткен жылы қурылысқа байланыслы 2 миллион 600 мыңнан аслам арзаның үштен бири бийкар етилгени, бул жағдайдың артында көп жағдайларда коррупция ҳәм артықша бюрократиялық тосқынлықлар турғаны атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысы бундай машқалаларды сапластырыўдың ең нәтийжели жолы санластырыў ҳәм жасалма интеллектти кеңнен енгизиў екенин атап өтти.

Ҳәзирги системада халық ҳәм исбилерменлер дәслеп жойбарлаўға руқсат алыў, кейин архитектура-режелестириў тапсырмасын ислеп шығыў ушын өз алдына арза берип, айлап ўақыт жойытпақта. Ташкент қаласында бул еки хызметти бир басқышта көрип шығыў тәжирийбеси енгизилгени ҳәм нәтийжеде ҳүжжетлерди келисиў мүддети 3-4 есеге қысқарғаны мәлим етилди. Бул тәжирийбени 1-июльден баслап барлық аймақларда енгизиў тапсырылды.

Коммуналлық тармақларға жалғаныў бойынша техникалық шәрт алыўда да халық ҳәр бир уйымға өз алдына мүрәжат етиўине туўра келмекте. Енди 1-июльден бир арза ҳәм бир төлем арқалы электр, газ, суў ҳәм канализация тармақлары бойынша техникалық шәрт алыў имканияты жаратылады.

Артықша әўерегершиликтиң және бир себеби сыпатында орынларда қала қурылысы кеңесине ағза 26 уйым арасында өз-ара байланыс ҳәм бирге ислесиўдиң жоқ екенлиги көрсетилди. Усы мүнәсибет пенен қала қурылысы кеңесине Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят ҳәкимлериниң өзи басшылық ететуғыны, исбилермен мәселесине жуўмақлаўшы шешим беретуғын система енгизилетуғыны белгиленди.

Жуўапкерлерге үш ай мүддетте қурылысқа руқсат алыўдан баслап, объектти пайдаланыўға тапсырыўға шекемги барлық процесслерди терең таллап, талаплар, мүддетлер ҳәм төлемлерди кеминде еки есеге қысқартыў бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды.

Қурылыстың сапасы ҳәм қадағалаў мәселелери де сын көзқарастан додаланды. Өткен жылы қурылыс объектлеринде жойбарлаўшы ҳәм буйыртпашы қадағалаўшылары тәрепинен 42 мың кемшилик, Қурылыс инспекциясы тәрепинен болса және 250 мыңнан аслам қағыйдабузарлық анықланған. Оған жойбарлаўшы ҳәм буйыртпашылардың авторлық ҳәм техникалық қадағалаў бойынша мәпдарлығының төменлиги себеп болып атырғаны атап өтилди.

Сонлықтан, усы жыл 1-июньнен баслап мәмлекетлик буйыртпашылардың жумысы толық KPI тийкарында баҳаланыўы, хызметкерлердиң айлығы 3 есеге арттырылатуғыны белгиленди. Жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў ушын объект баҳасының 5 процентине шекем қаржы ажыратылады, авторлық қадағалаў ушын болса өз алдына шәртнама тийкарында төлем төленеди. Енди техникалық ямаса авторлық қадағалаўшысы жуўапкер болған объектте қопал қағыйдабузарлық анықланса, жумысты бөлип алып ислеўши менен бирге қадағалаўшыларға да қатаң шара көриледи, жойбарлаўшының “Ашық-айдын қурылыс”тағы рейтинги төменлетиледи.

Мәжилисте халықаралық финанс шөлкемлериниң қатнасыўында әмелге асырылып атырған инфраструктуралық жойбарлар бойынша да айрықша тоқтап өтилди. Ҳәзирги күнде бул бағдарда 20 миллиард доллардан аслам жойбарлар әмелге асырылмақта.

Жуўапкерлер ҳәм буйыртпашы министрлик-ведомстволар халықаралық финанс шөлкемлери менен сөйлесиўлерде жергиликли қурылысшылардың имканиятларын жетерли дәрежеде қорғамай атырғаны, шәртнама шәртлерин белгилеўде олардың мәпин гөзлемей атырғаны, халықаралық тендерлерде қатнасыў шәртлерин үйретиў бойынша системалы жумыс алып бармай атырғаны сынға алынды.

Халықтың турақ жайға болған талабын тәмийинлеў мәселеси турақлы дыққат орайында болыўы шәрт екенлиги атап өтилди. Соңғы жыллары 56 “Жаңа Өзбекстан” массивиниң инфраструктурасы ушын 4 триллион 100 миллиард сум ажыратылған, быйыл болса бул мақсетлер ушын және 1 триллион 400 миллиард сум қаратылмақта.

Тараў жуўапкерлери ҳәм ҳәкимлер усы жылы бул массивлерде 34 мың квартираны қурып питкериўи шәрт екенлиги атап өтилди. Қурылысы даўам етип атырған массивлерди кеңейтиў тек ғана сол аймақтағы квартиралардың кеминде 85 проценти ийелерине тапсырылғаннан кейин руқсат берилетуғыны белгиленди.

Улыўма етип айтқанда, усы жылы аймақларда 140 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайларды пайдаланыўға тапсырыў зәрүрлиги атап өтилди. Онда реновацияға айрықша итибар қаратыў әҳмийетли екенлиги билдирилди.

Тараў ушын кадрлар таярлаў ҳәм креативлик орталықты раўажландырыў мәселелерине де итибар қаратылды. Архитектор, жойбарлаўшы ҳәм урбанизация тараўы ушын биринши креатив паркти Ташкент қаласында шөлкемлестириў, кейин ала бундай парклерди аймақларда да қурыў жумысларын баслаў тапсырылды. Буннан тысқары, жаңа оқыў жылынан урбанизация, кадастр ҳәм геодезия тараўлары ушын кадрлар таярлайтуғын, өзин-өзи қаржыландыратуғын жоқары оқыў орнының жумысы жолға қойылады. Оның қурамында орта буўын қәнигелери ушын техникум да шөлкемлестириледи.

Мәжилис жуўмағында Президентимиз тараў ҳәм аймақлар басшыларының есабатларын тыңлады. Қурылыс тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды.

ӨзА