Нефть-газ тармағындағы жумыслардың жағдайы көрип шығылды

78

Президент Шавкат Мирзиёевқа нефть-газ тармағында турақлы өндирис көрсеткишлерин тәмийинлеў ҳәм финанслық-экономикалық нәтийжелиликти арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында есабат берилди.

“Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийети системасында усы жылдың биринши шерегиниң жуўмақлары, екинши шеректеги тийкарғы ўазыйпалар, өндирислик ҳәм финанслық көрсеткишлердиң динамикасы көрип шығылды.

Тармақта қазып шығарыў көлемлерин турақлыластырыў, бар жоғалтыўларды қаплаў, қудықларды иске қосыў, оңлаў ҳәм технологиялық илажлар избе-излик пенен алып барылмақта. Соның менен бирге, қәрежетлерди оптималластырыў, дебитор қарыздарлықты қысқартыў, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм айырым бағдарларда базар механизмлерин жетилистириў бойынша жумыс алып барылмақта.

Қудықлардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қазып шығарыўға заманагөй технологияларды енгизиў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда халықаралық компаниялар менен биргеликте бир қатар технологиялық шешимлер үйренип атырғаны ҳәм оларды басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиў нәзерде тутылып атырғаны атап өтилди.

Геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў, жаңа перспективалы майданларды анықлаў ҳәм оларды өзлестириў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Соның ишинде, 2D ҳәм 3D сейсморазведка изертлеўлериниң көлемин арттырыў, жаңа майданларда бураўлаў жумысларын баслаў, бураўлаў бағдарламаларын халықаралық талаплар тийкарында шөлкемлестириў, сондай-ақ, супервайзинг, геологиялық-гидродинамикалық модельлестириў ҳәм жойбарлаў процесслерин буннан былай да жетилистириў илажлары көрилмекте. Атап өтилгениндей, усы жылы бир қатар жаңа майданларда жумыс басланған болып, кейинги басқышларда бул жумыслар және де кеңейтиледи.

Орта мүддетли бағдарламалар шеңберинде қыйын өзлестирилетуғын резервлерде ислеў, терең ҳәм қурамалы қудықларды бурғылаўда алдынғы сырт ел тәжирийбесин тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы нефть-газ тармағында өндирис турақлылығын тәмийинлеў, бар қуўатлықлардан үнемли пайдаланыў, геологиялық-излеў, бураўлаў ҳәм оңлаў жумысларын системалы тийкарда шөлкемлестириў, финанслық тәртипти беккемлеў бойынша тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА