Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнери хызметкерлерине

Қәдирли дослар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил көркем өнерди сүйиўши халқымызды 15-апрель – Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни менен шын кеўлимнен қутлықлайман.
Усы қутлы әййямда өзиниң бийтәкирар таланты, билим ҳәм шеберлиги менен ел-журтымызға шын кеўилден хызмет етип киятырған көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларға, барлық тараў хызметкерлерине пидәкерлик мийнети ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремиз.
Соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар қатарында мәденият ҳәм көркем өнер системасын заманагөй талаплар тийкарында раўажландырыў бойынша да кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде тараўдың материаллық-техникалық базасы, кадрлар потенциалы беккемленип, хызметкерлердиң дөретиўшилик мийнети мүнәсип хошаметленбекте. Театр, кино, музей ҳәм мәдений илажлар, халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы избе-из жақсыланбақта.
Заманагөй басқарыў механизмлери енгизилип, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жаңа дөретиўшилик жойбарлар, санлы технологиялар ҳәм алдынғы тәжирийбелер әмелиятқа енгизилип атырғаны, мәдений контент жаратыў көлеми кеңейип атырғаны мәденият мәкемелериниң жумысында нәтийжелилик ҳәм тартымлылықты буннан былай да арттырыўға хызмет етпекте.
Соңғы жыллары елимизде 2 театр, 19 мәденият орайы, 16 музей, 20 музыка ҳәм көркем өнер мектеби және усы бағдарда 5 жоқары оқыў орны шөлкемлестирилди, көплеген мәкемелер заманагөй үскенелер менен тәмийинленди, 125 тарийхый-мәдений мийрас объектинде оларды сақлаў ҳәм тиклеў бойынша зәрүр жумыслар әмелге асырылды.
Өткен жылы сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша айрықша қарар қабыл еттик. Ташкент қаласында Өзбекстан Миллий музейи имаратының қурылысы басланды. Быйыл болса Орайлық көргизбелер залы, Көркем көргизбелер дирекциясы фондының имараты, Павел Беньков атындағы сүўретлеў мектебинде қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылады, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў бойынша зәрүр илажлар көриледи.
Және бир әҳмийетли процесс – өзбек мәдений дипломатиясы избе-из раўажланбақта. Абырайлы халықаралық форумлар, таңлаўлар, фестивальлар ҳәм мәденият күнлери турақлы өткерилип келинбекте. Атап айтқанда, өткен жылы Самарқанд қаласында ЮНЕСКО Бас конференциясының сессиясы, Бухарада Биринши халықаралық заманагөй көркем өнер биенналеси, Нөкисте Арал мәденияты саммити, Хорезмде Түркий дүнья мәденият форумы, Ташкентте болса Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәденият министрлериниң биринши ушырасыўы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди.
Ең әҳмийетлиси, Ўатанымыздың көркем өнер тараўында халықаралық процесслердеги қатнасыўы кеңейип, абырайы артып бармақта.
Өзбекстанлы көркем өнер шеберлериниң Европадағы абырайлы мәденият орынларындағы шығыўлары сырт елли көркем өнер ықласбентлеринде үлкен қызығыўшылық оятпақта. Бул ҳаққында сөз болғанда, Австрияның Зальцбург қаласындағы Grosses Festspielhaus сахнасында Өзбекстан Миллий балети топары тәрепинен “Ләзги. Муҳаббат ҳәм қәлб аяқ ойыны” балети көрсетилгенин атап өтиў керек.
Усы жыл 9-апрельде және бир ири көркем өнер дәргайы – Musikverein сахнасында Саҳыпқыран Әмир Темур бабамыздың 690 жыллық туўылған күнине бағышланған музыкалы опера шығармасының презентациясы өткерилди.
Миллий кино көркем өнеримизди раўажландырыў, атап айтқанда, “Тири тарийх” дүркиминде идеялық ҳәм көркемлик жақтан жоқары шығармалар дөретиў бағдарындағы жумыслар дәслепки нәтийжелерин бермекте. Өткен жылы мәмлекетлик буйыртпа тийкарында 123 кинофильм таярланып, тамашагөйлер итибарына усынылды.
Өткен жылдың өзинде тараўда узақ жыллардан берли мийнет етип киятырған 35 хызметкер турақ жай менен тәмийинленди. Мәденият мәкемелери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы орташа 35 процентке арттырылды. Драматурглер ушын Маҳмудхўжа Беҳбудий, жас режиссёрлар ушын Баҳодир Йўлдошев, жас қосықшылар ушын Ботир Зокиров атындағы сыйлықлар және жергиликли ҳәм сырт ел дөретиўшилери ушын “Келажак мероси” халықаралық сыйлығы тапсырылып келинбекте.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Бүгинги күнде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын руўхый тәрбия қуралы ҳәм креатив экономиканың әҳмийетли тармағы сыпатында раўажландырыў, дөретиўшилик индустрияны қоллап-қуўатлаў, мәдений хызметлер базарын раўажландырыў, көркем өнер өнимлериниң экспортын кеңейтиў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта. Жаңадан шөлкемлестирилип атырған Креатив индустрия парки мине усы мақсетлерге хызмет етеди. Биз бул бағдарда үлкен шек алып, 2030-жылға шекем креатив экономиканың жалпы ишки өнимдеги үлесин 5 процентке жеткеремиз.
Әлбетте, бул үлкен реже ҳәм басламаларды әмелге асырыўда сиз, жанкүйер ҳәм пидайы инсанлардың орны шексиз. Сизлердиң билим, тәжирийбеңиз ҳәм дөретиўшилик потенциалыңыз миллий мәдениятымызды жаңа басқышқа алып шығатуғынына исенемен.
Биз буннан былай да тараўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, дөретиўшилик ҳәм техникалық хызметкерлердиң мийнетин мүнәсип қәдирлеўге тийкарғы әҳмийет қаратамыз.
Сизлерди бүгинги кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, жаңа дөретиўшилик жетискенликлер, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм қут-берекет тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ
Өзбекстан Республикасы Президенти