Галофит өсимликлерди жетистириў қытайлы илимпазлар нәзеринде

46

Нөкис районындағы галофит өсимликлер ботаника бағында илимий жумыслар бойынша семинар шөлкемлестирилди.

Бул семинарға Қытай Илимлер академиясының Sinczyan экология ҳәм география институтының илимпазы  Чжан кe ҳәм тоғай хожалығы қәнигелери қатнасты. Илаж даўамында тәреплер өз-ара тәжирийбе алмасыў, илимий-әмелий бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелерин додалады.

Семинардың тийкарғы мақсети республикамыз аймақларында топырақ шорланыўын азайтыў, деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде галофит өсимликлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша алдынғы тәжирийбелерди үйрениўден ибарат болды.

Қәнигелер тәрепинен галофит егинлерин жетистириў технологиялары, олардың шорланған жерлердеги әҳмийети ҳәм әмелий нәтийжелери бойынша презентациялар өткерилди.  Бул жумыслардың нәтийжеси әлбетте, районда галофит өсимликлердиң өсип раўажланып, экологиямыздың жақсыланыўында унамлы пайдасын тийгииўине хызмет етери анық.

                                                                           Қарақалпақстан хабар агентлиги