Ҳәким жәрдемшилери тәжирийбе алмаспақта

Мәҳәлле турмысында ҳәким жәрдемшилериниң атқаратуғын хызмети айрықша. Қарақалпақстан Республикасындағы жумыс алып барып атырған ҳәким жәрдемшилериниң Әндижан ўәлаятында болып турғаны ҳаққында хабар берген едик. Ҳәзирги ўақытта олар Наманган ўәлаятында болып ол жердеги мәҳәллелер турмысы менен таныспақта.
Ҳәким жәрдемшилериниң қатнасыўындағы әмелий семинар “Пал ҳәррешилер” мәҳәллесинен басланды.
Ўәлаяттағы Давлатабад районындағы “Гулобод” мәкан пуқаралар жыйынында жәми 631 шаңарақ болып, соннан 180 шаңарақ пал ҳәррешилик пенен шуғылланады. Өткен жылы мәҳәлледе 200 тонна пал жетистирилген болса, усы мәўсимде бул көрсеткишти 250 тоннаға жеткериў режелестирилген.
Бул бағдарда мәҳәлледе 635 халық турақлы жумыс орны менен тәмийинленген.
Бүгинги күнде Наманган ўәлаятында болып турған Қарақалпақстан Республикасы мәҳәллелеринде жумыс алып барып атырған ҳәким жәрдемшилери усы мәҳәлледе болып, өз-ара тәжирийбе алмасты.
Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет бирге ислесиў арқалы аймақларда жаңа экономикалық драйверлерди қәлиплестириў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыўдан ибарат.
Ўәлаяттағы “Төменги шөже” МПЖ турғынлары дийқаншылық тәжирийбесин пуқта ийелегени болып, мәҳәлледе жасаўшы Дилором өзиниң 2 сотых қыйтақ жеринде гидропоника усылында қулпынай жетистирмекте. Ол семинар қатнасыўшыларына өз тәжирийбеси ҳаққында айтып берип, бүгинги күнде Қарақалпақстанға да қулпынай нәллерин жеткерип берип атырғанлығын атап өткен.
Дилором қысқа ўақыт ишинде нәтийжеге ерисип, тек ғана 5 ай ишинде 50 миллион сумлық өним сатыўға ерискен.
Семинар қатнасыўшылары аймақтың климатына сай шараятлар ҳәм ресурслардың жетерлилиги сондай-ақ, қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыў жоқары өнимдарлыққа ерисиў имканиятын берип атырғанынлығының гүўасы болды.
Мәҳәлледе ҳәзирги ўақытта “Бир контур бир өним” принципи тийкарында 200 гектар жер ажыратылған болып, онда тийкарынан картошка ҳәм қулпынай жетистириў бағдарлары раўажландырылып, аймақ экономикасының әҳмийетли драйверине айланбақта.

Бундай тәжирийбе алмасыўлар ҳәким жәрдемшилери ушын республикамыздағы мәҳәллелерде жаңалықлардың егизилиўине ҳәм халықтың турмыс шәраятының жақсыланыўына тийкар болары анық.
Қарақалпақстан хабар агентлиги