Ерназар Сарсенбаев Қытайда беллеседи

98

6-19-апрель күнлери Қытайдың Ордос қаласында ересеклер арасындағы Азия чемпионаты болып өтеди.

2026-жылдың ең әҳмийетли жарысларынан бири есапланған континент чемпионатына Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да толық қурамда қатнасады.

Қуўанышлы тәрепи сонда, мәмлекетимиз делегациясы қурамында республикамыздың жас үмитли палўаны Ерназар Сарсенбаев  -100 кг салмақта беллесиўлерге түседи.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Қытайда өткерилетуғын Азия чемпионатында 20 мәмлекеттен жәми 205 (115 ер, 90 ҳаял) дзюдошы медальлар ушын гүрес алып барады.

Өзбекстан сайланды командасы жеке ҳәм аралас командалық беллесиўлерде қатнасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы