Сайлаўшылар өзи таңлаған талабанға даўыс берди
30

Усы жылдың 12-апрель күни 37-санлы “Хожели” сайлаў округиндеги 9 сайлаў участкасында Орайлық сайлаў комиссиясының арнаўлы қарары менен «Сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының тийисли статьяларына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде босаған депутатлық орынға сайлаў өткерилди.
Болып өткен сайлаўда усы округ бойынша дизимге киргизилген улыўма сайлаўшылардың 71 проценти талабанларға даўыс берди.
Сайлаўдың жуўмағы бойынша, 37-санлы «Хожели» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты болып И.Ниязов сайланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги