ҚМУ делегациясы “Өзбекстан ҳәм Польша III Ректорлар форумы”нда қатнаспақта

87

Әйне пайытта  Самарқанд қаласында Өзбекстанда Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлеринен жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери және алдынғы технологиялық компаниялардың қатнасыўында ири халықаралық илажлар “Медицина ҳәм технологиялар конгреси” және “Өзбекстан ҳәм Польша III – Ректорлар форумы” болып өтпекте. Бул илажлар илим, билимлендириў ҳәм инновациялар тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа жойбарларды жолға қойыў ушын әҳмийетли майдан ўазыйпасын атқармақта.

Бул форумда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Бердияр Жоллыбеков басшылығындағы университет делегациясы да белсене қатнаспақта. Форум шеңберинде университет ректоры  сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери, илимий орайлар ҳәм технологиялық компаниялар менен ушырасыўлар өткерип, өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын кеңейтиў бойынша сөйлесиўлер алып бармақта.

Сондай-ақ, сырт елли бирге ислесиўшилер менен билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер тараўында қоспа бағдарламаларды жолға қойыў, академиялық алмасыўды раўажландырыў, инновациялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм заманагөй технологияларды билимлендириў процесине енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Сөйлесиўлер нәтийжесинде бир қатар перспективалы келисимлер ҳәм бирге ислесиў шәртнамалар дүзилмекте. Бул келисимлер университеттиң халықаралық абырайын және де беккемлеўге хызмет етеди.

                                                                        Қарақалпақстан хабар агентлиги