Не ушын медицинада ЖИ (жасалма интеллект) биз ойлағандай ислемей атыр?

Изертлеўлерге қарағанда, медициналық чат-ботлар, медицинаны жақсы билсе де, адамларға өзлери менен не болып атырғанын анығырақ түсиниўге жәрдем бермей атыр.
Симптомлар тек бир қарағанда әпиўайы нәрсе сыяқлы көринеди.
Ыссылық, ҳәлсизлик, көкирек қәпесиниң аўырыўы, бас айланыў – егер булардың барлығы жетерли дәрежеде анық сүўретленсе, ақыллы система не болып атырғанын тез айтып беретуғындай болып көринеди.
Бирақ реаллықта ҳәмме нәрсе әйне сөйлесиў процесинде пәнт берип атыр.
Жаңа изертлеўлерге бола, өз симптомларын ЖИ-чат-ботлар жәрдеминде анықлаўға ҳәрекет еткен адамлар өзлерине анығырақ “үй диагностикасы”н қоя алмаған ҳәм улыўма қай жерге мүрәжат етиў кереклигин – тез жәрдемге ме, шаңарақлық шыпакерге ме ямаса тек ғана жағдайды бақлаў керек пе – жақсырақ түсинип жетпеген.
Буның қызық тәрепи модельлердиң өзлери көбинесе дурыс жуўапты билген.
Машқала тек ғана медицинада емес, ал инсан ҳәм машина бир-бирин қалай түсиниўинде болып шықты.
Адамлар симптомларды толық сүўретлемеўи мүмкин.
Чат-бот әҳмийетли детальды абайламай қалыўы мүмкин.
Ямаса керекли диагноз сәўбет даўамында тилге алынады, бирақ инсан буған әҳмийет бермейди.
Яғный ЖИ ақыллы болыўы мүмкин, бирақ бул оны ньюанслар, қәўетер, контекст ҳәм дурыс анықластырыўшы сораўлар әҳмийетли болған жағдайда жақсы сәўбетлесиўшиге айландырмайды.
Мине соның ушын да шыпакер қабыллаўы – бул тек ғана “симптомларға қарап кеселликти табыў” емес.
Бул еле инсанның өзи әҳмийетли деп есапламаған нәрсени абайлаў шеберлиги де болып табылады.
Гейде қәтелик жуўап белгисиз болғаны ушын емес, ал билим ҳәм түсиниў арасында үлкен парық болғаны ушын жүзеге келеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги