Судьялар жәмийетшилиги уйымларының ҳуқықый тийкарлары беккемленбекте

Бүгинги күнде судьялар жәмийетшилиги уйымлары суд еркинлигин кепиллеў, судьялар корпусын қәлиплестириў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ҳәм судьялыққа талабанларды таңлаўда әҳмийетли орын ийелемекте. Таллаўлар олардың жумысында айырым анықсызлықлар бар екенлигин көрсетти. Соннан келип шығып, судьялар жәмийетшилиги уйымларының жумысын жетилистириў мақсетинде “Судьялар жәмийетшилиги уйымлары ҳаққында”ғы жаңа нызам жойбары ислеп шығылды.
Парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде суд ҳәкимияты еркинлигин буннан былай да беккемлеўге қаратылған бул нызам жойбары биринши оқыўда додаланды.
Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары менен судьялар жәмийети уйымларының түрлери, олардың ҳуқықый статусы, ўазыйпа ҳәм функциялары анық белгилеп қойылмақта. Судьялар жәмийетшилиги уйымларының жумысын шөлкемлестириў тийкарлары беккемленбекте. Судьялардың маманлық коллегиясы қурамына жәмийетшилик тийкарында тәжирийбели суд ветеранларын тартыў имканияты жаратылмақта.

Судьялардың маманлық дәрежелерин бериў, интизамий ислерди көрип шығыў және ўәкилликлерди тоқтатып турыў ҳәм тоқтатыў тәртиплери де ҳуқықый жақтан беккемленбекте.
Судьялар жәмийетшилиги уйымларының ҳуқықый тийкарларын белгилеў арқалы суд ҳәкимиятының еркинлиги конституциялық принципине әмел етилиўин тәмийинлеўге, судьялардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў системасын буннан былай да жетилистириўге ерисиледи. Нәтийжеде шахстың әдил судлаўға болған ҳуқықлары және де беккемлениўине және әдил судлаўдың сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди. Әдил судлаўға байланыслы халықаралық талаплар миллий нызамшылығымызға енгизилиўин тәмийинлейди.Мәжилисте нызам жойбары суд ҳәкимиятының абырайын беккемлеўде әҳмийетли екенлиги атап өтилип, биринши оқыўда қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА