Мәмлекетлик хызметлердиң айрықша жағдайларға таярлығы көзден өткерилмекте

71

Елимизде халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳәр қыйлы тәбийий ҳәм техноген түрдеги айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Усы мақсетте бүгин Қанлыкөл районында айрықша жағдайларда мәмлекетлик хызметлердиң таярлығын көзден өткериў мақсетинде арнаўлы оқыў-шынығыўларына старт берилди.

Шынығыўдың дәслепки басқышы ерте таңнан, саат 07:00 де район аймағы бойлап “Жыйын” сигналының берилиўи менен басланды. Илаж шеңберинде заманагөй телекоммуникациялық тармақларынан ҳәм байланыс қуралларынан пайдаланған ҳалда, район ҳәкими ҳәм оның орынбасарлары, тийисли тараў хызметкерлери, мәкеме ҳәм кәрханалардың басшыларына оператив хабар жеткериў процесслери сынақтан өткерилди. Илажда жуўапкерлердиң кешиктирип болмайтуғын жағдайлардағы ҳәрекетлери, хабардарлық дәрежеси, көнликпелери талқыланды.

Өзбекстан Республикасы Бас министри – Пуқаралық қорғаў баслығының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының тийисли буйрықларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 14-16-апрель күнлери Қанлыкөл районында “ASPAN-415” сигналының берилиўи менен басланған бул оқыў-шынығыўы “Басқарыў уйымлары ҳәм Айрықша жағдайлар мәмлекетлик төменги структураларының айрықша жағдайларды сапластырыў бойынша ҳәрекетлери” деп аталады.

Райондағы «Жаслар орайы» имаратында район аймағында жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыўға арналған мәжилис болып өтти.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы Р.Шафиев, Қанлыкөл районы ҳәкими Б.Султанов, район аймағындағы тийисли тараў басшылары ҳәм хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисте командирлик-штаб оқыў шынығыўын жоқары дәрежеде өткериў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, шығып сөйлеўшилер тәрепинен айрықша жағдайлар жүз бергенде басқарыў уйымлары ҳәм түрли тараў хызметлериниң биргеликтеги ҳәрекетлери, райондағы барлық техникалық қураллар ҳәм адамлардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге таярлық дәрежесин арттырыў бағдарында әмелге асырылатуғын жумыслар кең түрде додаланды.

Әлбетте, бундай оқыў шынығыўлары ҳәр қандай қыйын шараятларға таяр турыўды тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Оқыў режесине бола, райондағы ҳәзирги жағдай бойынша мағлыўмат алмасыўды тәмийинлеўде заманагөй мәлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланылды. Атап айтқанда, Zoom платформасы арқалы қоңсылас Шоманай районы ҳәкими ҳәм басқарыў уйымлары менен тиккелей байланыс орнатылды. Шоманай районы ҳәкими А.Аметов оқыў шынығыўларына таярлық ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлер бойынша баянат жасады.

Оқыў-шынығыўлары даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги