Исбилерменлер қурылысты баслаў басқышында тосқынлықларға ушырап атырғаны көрсетип өтилди

46

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Дүньяда қурылыс индустриясы жеделлик пенен өзгермекте, тараўға заманагөй жойбарлаў шешимлери, жаңа технологиялар ҳәм стандартлар кирип келмекте.

Президентимиз мәмлекетимиздеги қурылыс системасы бүгинги өзгерислерге қаншелли сәйкес екени, тараў басшылары заман талап етип атырған жеделлик ҳәм сапа бойынша жуўапкершиликти сезип атырғаны, сейсмология ҳәм жер силкиниўге шыдамлылық бойынша қәўип-қәтерлерди есапқа алып, жаңа шешимлер ислеп шығылып атырғаны бойынша сораўлар көп екенин атап өтти.

Исбилерменлик ушын жылына 6,5 мың гектар жер, 600 мың квадрат метрлик имарат-объектлер саўдаға шығарылмақта, киши ҳәм орта бизнес ушын 140 триллион сум ресурс берилмекте.

Бирақ жер, кредит сыяқлы тийкарғы мәселелери шешилген исбилерменлер қурылысты баслаў басқышында тосқынлықларға ушырасып атырғаны көрсетип өтилди.

Исбилерменлердиң еле активке айланбаған жерине салық, кредитине процент есапланып атырғаны, бирақ бюрократия, коррупция, сансызлық көплиги ушын қурылысты баслаў айлап, жыллап созылып атырғаны сынға алынды.

Сонлықтан, тараў ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилип, мыңнан аслам қурылысшы ҳәм жойбарлаў шөлкемлериниң усыныслары алынды. Мәжилисте усы усыныс ҳәм басламалар тийкарында ислеп шығылған жаңа илажлар додаланды.

ӨзА