Қысқышлы ойын: баланың санасына жасырын тәсир

Пикир
Бүгинги күнде қалалар көшелеринде, әсиресе, мектеплер әтирапында көбейип баратырған автомат ойын қурылмалары көпшиликке әпиўайы кеўил ашар қурал сыпатында көриниўи мүмкин. Бирақ олардың балалардың санасына тәсири ойлағанымыздан да аўыр.
“Prize crane machine” (инглисше: prize – сыйлық, crane – қысқыш; өзбекше: сыйлықлы қысқышлы ойын автоматы) деп аталатуғын бул қурылмалар сыртқы көринисинен зыянсыз. Ишине рәңбәрең ойыншықлар жайластырылғаны болса баланы тез өзине тартады.
Ойын процеси әпиўайы: пул тасланады, қысқыш ҳәрекетлендириледи ҳәм қысқа ўақыт ишинде ойыншықты услап алыўға урыныў әмелге асырылады. Бирақ қурылма механизми сондай бейимлестирилген, көп жағдайларда урыныў нәтийжесиз тамамланады. Сол ўақытта балада “және бир мәрте урынып көриў” тилеги пайда болады. Мине усы жағдай әсте-ақырын қумар ойынларына тән психологиялық жағдайды қәлиплестиреди.
Ҳәр бир ата-ана перзентине пул берерде оның қалай жумсалып атырғанын нәзерден шетте қалдырмаўы керек. Егер балада бундай автоматларға қызығыўшылық күшейип атырғанлығы сезилсе, бул әпиўайы ойын емес, ал әдетке айланып қалыўы мүмкин екенлиги түсиндирилиўи зәрүр.
БМШтың Балалар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясында балаларды физикалық ҳәм руўхый зыян жеткериўи мүмкин болған факторлардан қорғаў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген. Усы мәнисте балаларды қумарға уқсас тәсирге ийе қураллардан сақлаў айрықша әҳмийетке ийе.
Президентимиздиң 2019-жыл 22-апрельдеги “Бала ҳуқықларының кепилликлерин және де күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарында да балаларды зыянлы тәсирлерден қорғаў, олар ушын саламат ҳәм қәўипсиз орталық жаратыў ўазыйпалары белгилеп берилген.
Қәнигелердиң пикиринше, бундай ойынлар баланың ойында надурыс көзқарасларды қәлиплестириўи мүмкин.
– Бул ойын автоматлары балалардың мийнетке, сабыр-тақатқа болған мүнәсибетин изден шығарады, – дейди Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық университети мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети доценти Бахтиёр Сувонқулов. – Балада табыс мийнет арқалы емес, тосыннан келеди, деген түсиник қәлиплеседи. Бул болса психологиялық жақтан саламат емес көзқарас болып есапланады. Сондай-ақ, балада жеңилисти дурыс қабыл етпеў, аңсат жол менен нәтийже күтиў сыяқлы иллетлер пайда болыўы мүмкин.
Бундай ойынлар балада мийнет арқалы табысқа ерисиўдиң қәдирин төменлетип, “аңсат табыс” иллюзиясын қәлиплестиреди. Нәтийжеде ўақыттың өтиўи менен бул әпиўайы қызығыўшылық әдетке, ҳәттеки қарамлыққа айланыўы итималдан шетте қалмайды.
Елимизде қумар ойынлары нызам менен қадаған етилген болса да, базыбир кеўилашар қураллар арқалы оның айырым элементлери балалардың турмысына сездирмей кирип келмекте. Бул болса айрықша итибарды талап етеди.
Усы көзқарастан қарағанда, бул мәселе тек ғана шаңарақ шеңбериндеги тәрбия менен шекленип қалмаўы керек. Мектеплер әтирапында бундай ойын автоматларын орналастырыўды тәртипке салыў, олардың тәсири ҳаққында түсиндириў жумысларын күшейтиў, жәмийетлик қадағалаўды жолға қойыў зәрүр.
Жуўмақ сонда, “қысқышлы ойын” деп қаралатуғын бул қурылма тийкарында бала санасына тәсир етиўши факторлардан бирине айланбақта. Оны бийпәрўалық пенен қабыл етиў емес, ал аңлап, тийисли жуўмақ шығарыў дәўир талабы болып табылады.
ӨзА