Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды

42

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында турақ жай қурылысы ҳәм урбанизация тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.

Республика ҳәм ўәлаят студияларынан мәжилисте 500 ден аслам девелопер, қурылысшы, жойбарлаўшы, архитектор ҳәм урбанистлер қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы барлық тармақ ҳәм аймақларда жоқары экономикалық өсиў бойынша белгилеп алынған үлкен шеклерге ерисиўде қурылыс тараўының айрықша орны бар екенин атап өтти.

Соңғы тоғыз жылда 10 мыңға шамалас жаңа қурылыс кәрханалары жумыс баслады, айланысы 1 триллион сумнан асқан 20, 100 миллиард сумнан өткен 365 ири компания пайда болды. Жойбарлаў шөлкемлери 2 мыңнан, олардан халықаралық сертификат алғанлары 650 ден асты.

Қурылыста руқсат бериў басқышы 3 есеге, мүддети 4 есеге қысқарды, 420 қала қурылысы норма ҳәм қағыйдаларын бирлестириў, ескилерин бийкарлаў есабынан 140 жаңа қала қурылысы норма ҳәм қағыйдалары тастыйықланды.

Усы жумыслардың нәтийжесинде өткен дәўирде 210 миллион квадрат метрлик имарат – объект, 647 мың квартиралы 15 мыңнан аслам көп қабатлы турақ жайлар қурылды. Қурылыс жумысларының көлеми 2016-жылы 30 триллион сумды қураған болса, өткен жылы бул көрсеткиш 314 триллион сумға жетти.

Бүгин қурылыс, қурылыс материаллары ҳәм оларға байланыслы тараўларда 3,5 миллион халық бәнт.

ӨзА